Радар бар екенлигин билдириўши белги болмаса, жәрийма төлеўге асықпаң

Көпшилик сырт мәмлекетлерде жоллар тегис, радарлар болса пуқараға жәрдемши. Жол белгилери анық, сызықлар толық – ҳәммеси ашық ҳәм түсиникли. Мақсет ЖТҲлардың алдын алыў, адамларды ескертиў. Бизде ше?
Тийисли ҳүжжетлерге бола, радарлар туратуғын орын алдында арнаўлы ескертиўши белги болыўы зәрүр. Бундай белги болмаған жерде орнатылған радарлар арқалы айдаўшының қағыйдабузарлығы анықланса, не ислеў керек? Айдаўшы буның ушын жәрийма төлеўи шәрт пе?
– Мобиль радарлар бақлаўына тийкарланған жоллар фото-видео жазыў, 5.43 радар ҳәм 7.19 қосымша мәлимлеме белгилери менен тәмийинлениўи керек, – дейди Ташкент мәмлекетлик транспорт университетиниң профессоры Анвар Назаров. – Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 1-декабрьдеги “Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықлары ҳәм арнаўлы үскенелерден пайдаланыў тәртиби ҳаққында”ғы қарарына бола, жол патруль хызметкери өзиниң хызмет ўазыйпаларын арнаўлы аудио ҳәм видео жазыў қурылмалары менен үскенеленген транспорт қуралларында хызметти жасырын алып барыўы қадаған етиледи. Жол ҳәрекети қағыйдаларының екинши қосымшасындағы 5.41 фото-видео жазыў, 5.43 радар, 7.19 фото-видео жазыў жол белгилери айдаўшыға алдыннан стационар радарлар, мобиль радарлар, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў жағдайларын нәзерде тутатуғын камералар бар екенлиги ҳаққында мәлим етиўи керек. Радар бар екенлигин билдиретуғын белги болмаса, жәрийма төлеўге асықпаған мақул. Сондай-ақ, радар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 4-апрельдеги 232-санлы қарарына муўапық орнатылған болыўы керек.

Бүгинги күнде елимиздеги жолларға көплеген фото ҳәм видео үскенелер орнатылған. Бир ўақытлары алдын мульти, яғный автомобильлерге орнатылатуғын радар үскенелери де иске қосылды. Олардан, әсиресе, магистраль жолларда кең пайдаланылмақта. Министрлер Кабинетиниң 370-санлы қарарына тийкарланып тезлик қадағалаўға алынатуғын барлық аймақларда 5.43 белгиси болыўы шәрт. Бирақ, айырым жағдайларда бул ескертиўши белгиниң орнатылмағанына гүўа боламыз.
Негизинде белги болсада болмасада тезликти асырмаған мақул. Елимиздеги жол транспорт ҳәдийселериниң көпшилиги де әйне жоқары тезликте ҳәрекетлениў себепли жүз бермекте.
Статистикаға итибар қарататуғын болсақ, 2022-жылы жүз берген 9 мың 902 жол-транспорт ҳәдийсесинде 2 мың 356 адам қайтыс болған ҳәм 9 мың 606 адам дене жарақатын алған. 2023-жылдың 10 айы даўамында болса 7 мың 616 ЖТҲ жүз берип, оларда 1 мың 867 адам қайтыс болған ҳәм 7 мың 62 адам дене жарақатын алған. 2024-жылы 9 мың 364 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бериўи ақыбетинде 2 мың 203 адам қайтыс болған ҳәм 8 мың 901 адам дене жарақатын алған.
Сол себепли, соңғы ўақытлары жол ҳәрекети қәўипсизлигине байланыслы нызамшылыққа көплеген өзгерислер киргизилмекте. Усы жылдың 20-февралында “Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам қабыл етилди.
Оған бола, жол ҳәрекети қағыйдаларын турақлы түрде бузған айдаўшыларға жәрийма баллары системасы енгизилди. Бир жыл даўамында 12 балл топлағанлар суд қарары менен кеминде алты айға айдаўшылық гүўалығынан айырылады. Бул тәртип ҳаққында жәрияланғаннан соң, социаллық тармақларда ҳәр қыйлы додалаўлар келип шықты. Кимдур буны ақлады, кимдур қарсы шықты.
Нызам менен “қып-қызыл қағыйдабузар” айдаўшыларға қатаң шаралар көриледи. Жолларда тәртипти, қағыйдаларды бузатуғын, инсанлардың өмирин қәўипке қоятуғын айдаўшылар бар. Буны ҳеш ким бийкарламайды.
Жәрийма баллары тийкарынан инсанлардың өмирине қәўип туўдыратуғын ҳуқықбузарлықлар – ҳәрекетлениў тезлигин арттырыў (0,5 баллдан 2 баллға шекем), светофордың қадаған етиўши сигналына бойсынбай өтиў (2 балл), қарама-қарсы ҳәрекетлениў ушын мөлшерленген тәрепке шығыў (2 балл), транспорт қуралында қуўып өтиў қағыйдасын бузыў (1.5 балл), ЖТҲ қатнасыўшыларының ҳәдийсе жүз берген орыннан кетип қалыўы (2 балл) сыяқлы жағдайларда жазылады. Қалған жағдайларда төменирек балл берилиўи нәзерде тутылған (мәселен, тоқтаў яки тоқтап турыў, адам тасыў қағыйдаларын бузыў сыяқлы ҳуқықбузарлықларға 0,5 балл).
Мысал ушын, айдаўшылар ең көп түсетуғын жағдай – ҳәрекет тезлигин саатына 20 километрден көп болмаған шамаға арттырғаны ушын 0,5 жәрийма балы бериледи. Ҳәзирше бул тек ғана жол-патруль хызмети инспекторы тәрепинен рәсмийлестирилген ҳәкимшилик протокол тийкарында бериледи. Яғный, ҳәзирше камера ҳәм радарларға түскенде жазылатуғын жәриймалар 12 баллық системаға қосып есапланбайды. Камера ҳәм радарларды кейин ала қосыў режелестирилген.
Усы жерде жәриймалар муғдарына келетуғын болсақ, Кореяда бир мәрте түскен жәриймаға пуқара айлығының жүзден бир бөлегин төлейди. Өзбекстанда болса 2-3 мәрте жол қағыйдасын бузған айдаўшы айлық мийнет ҳақысының ярымын ямаса барлығын жәриймаға төлеўи керек болады.
Тийкарында жәриймалар неге тийкарланып белгиленеди? Өзбекстандағы жәриймалар муғдары әдил ме? Жәриймалардан түскен қаржылар қай жерге жыйналмақта?
Бул сораўларға кейинги мақаламызда жуўап табыўға ҳәрекет етемиз.
ӨзА