Ҳаял-қызлардың ҳуқықын тәмийинлеў бағдарындағы бирге ислесиў

БМШ Ҳаял-қызлар шөлкеми ҳәм Бийғәрез таллаў орайы – Прогрессив реформалар орайы арасында елимизде гендер теңлиги ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықын алға қойыў жолында бирге ислесиў бойынша түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Бул бирге ислесиў дәлиллерге тийкарланған сиясий реформаларды алға қойыў, институтлардың потенциалын беккемлеў ҳәм гендер мәселелери бойынша инклюзив миллий қарым-қатнасты раўажландырыўға қаратылған.
Бирге ислесиў шеңберинде еки тәреп ҳаял-қызларға қарсы зорлықтың алдын алыў, олардың экономикалық ҳуқық ҳәм имканиятын кеңейтиў, ғалаба хабар қуралларында гендер теңлик мәселелерин сәўлелендириўди күшейтиў сыяқлы бағдарларда биргеликтеги басламаларды алға қояды.
Прогрессив реформалар орайы мағлыўматларды системалы түрде топлаў ҳәм терең таллаў, әҳмийетли ҳәм исенимли изертлеўлер алып барыўда жетекши роль атқаратуғынын атап өтиў керек. Соның менен бирге, БМШ Ҳаял-қызлар шөлкеми болса глобаллық алдынғы тәжирийбелер, халықаралық стандартлар ҳәм техникалық жәрдемди усыныс етип, Өзбекстанның гендер тараўындағы реформаларын халықаралық контекст пенен муўапықластырыў ҳәм беккемлеўге жәрдемлеседи.
– Бул бирге ислесиў гендер теңсизлигине қарсы гүресиўде жергиликли шараятқа тийкарланған, бирақ глобаллық тәжирийбеден хабардар қатнасларға өтиўимизди аңлатады, – дейди Прогрессив реформалар орайының директоры Миршоҳид Асланов. – Күшлеримизди бирлестирип, изертлеўлер, сөйлесиў ҳәм әмелий ҳәрекетлер арқалы турақлы нәтийжелерди жаратыўды мақсет еткенбиз.
Бул меморандум ҳәр еки шөлкемниң еркин даўысын ҳүрмет еткен ҳалда, биргеликтеги коммуникация механизмлери ҳәм улыўма үгит-нәсиятлаў стратегияларын белгилейди. Бул бирге ислесиў мәмлекетимизде реформаларға бағдарланған бирге ислесиў орталығының кеңейип атырғанынан әҳмийетли көрсеткиши есапланады.
Беҳруз Худойбердиев, ӨзА