Ийгиликли ислерге арналған өмир ийеси

Өмир-бул бийик таўға мегзейди, ол таўдың шыңына шығыўымыз ушын, алдыға қарай ҳәрекетленемиз, жоқарыға талпынамыз.
Өмир-гүзар жол сыяқлы, гейде тегис, гейде гедир-будыр. Оннан жүрип өтиў ушын төзимлилик, епшиллик зәрүр.
Өмир-бул ағар дәрья, бир заматта суў киби ағып өте шығады, жасымыз улғайып қалғанында ғана мен не иследим, өмиримди қалай жасадым,-деп ойлап қаламыз.
Өмир –бул майдан, ол гүрес майданы. Өмир тек жақсылықлардан ибарат емес, жақсылық пенен жаманлық арпалысып жүреди. Түрли тосықлар, өзиң күтпеген ҳəдийселер, шешилиўи қыйын машқалалар да гезлеседи. Соларды жеңе билген адам ғана өмирде жасаўдың мəнисин тереңирек түсинеди.
Өмир китабы мазмунға бай, ҳәр бети қызықлы ўақыялар менен толы заманласларымыз бизден алдын да жасап өткен, ҳәзир биз бенен арамызда да жасамақта. Солардың бири 80 жыллық саналы өмирин ийгиликли ислерге арнаған, республикамызда транспорт, орта арнаўлы кәсиплик билимлендириўди раўажландырыўға салмақлы үлесин қосқан транспорт тараўының пидайысы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген транспорт хызметкери, мархум Назарбай Халмуратов ҳаққында сөз етпекшимиз.
Каҳарманымыз әйне урыс басланған жылы дүньяға келген. Балалық дəўири жүдә айтарлықтай болмағаны менен бəрибир басқаша. Ойын баласының ақтан қараны ажырата алмайтуғын пəк жүрегинде жаңа түсиниклерди қəлиплестирип, келешекте өмирдиң қурамалырақ екенлигин тереңирек аңлаўы ушын мектептеги дəслепки сабақ – «Әлипбе»ни балаларға тән үлкен қызығыўшылық, айрықша инта менен үйрениўи оның келешегине жол салмақта еди. Әсиресе, 5-6-классқа келгенинде математика пәнине ықласы артып, физика-математика пәнлеринен оқытатуғын устазы Дәўен Опаевтың көп санлы сүйикли шәкиртлериниң бирине айланады.
«Мектеп – ақылыңа ақыл қосады, муғаллим келешектиң жолын сызады»,-деген гәпте терең тийкар бар. Сол устазының оқытыў шеберлиги, пәнге болған қызығыўшылығын оята алыўы қаҳарманымыздың келешекте бир кәсиптиң басына «бас жип» тағыўына себепши болады ҳәм нәтийжеде мектепти тамамлаўдан-ақ Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетине оқыўға киреди. Оқыўда студентлик жыллары менен армия қатарындағы хызмет еткен жыллары өз алдына бир гүрриң, солай да болса ол жыллардың қаҳарманымыздың «Назарбай Халмуратов» болып танылыўына, жәмийетлик искер, белгили устаз болып қәлиплесиўине айтарлықтай үлеси болғанлығын айтып өтиў орынлы.

«Нағыз байлық мийнеттен көринеди, өмир үйретип данышпан етеди. Ақылым – атам, билимим – бабам»,- дейди дана Кийикбай бий. Данышпанлар өмир тәжирийбесинен көрип, турмыс деген елеўиштен елеп, соннан соң қалған мағызын ғана бизге айтып кеткен ғой. Әйне күшине толған, билим ҳәм турмыс тәжирийбесине ийе, дипломлы қәниге әлбетте мәмлекетке зәрүр. Оның шеги Нөкисте жаңадан ашылған автомобиль жол қурылысы техникумына түсип, сол жерде дәслепки мийнет жолын баслайды. Сол ўақыттағы техникумның директоры Тимур Камалов: «Армия қатарында болған екенсең, техникумда жаслар шөлкемин саған тапсырмақшыман, ҳәммесин өзиң еплей аласаң»,-деп үлкен исеним билдиреди. Жаңадан ашылған техникум 1965-жылы 150 окыўшысы, 8 автомашинасы менен 8 жыллық мектептиң имаратында жумыс баслайды. Бул өмирде ҳәр бир заттың тарийхы бар. Сол техникум иске түскен жыллары оқытыўдың барлық талапларына толық жуўап бере алмағанын сол дәўирди басынан өткергенлер ғана биледи. Барлық қыйыншылықлар артта қалып, техникум әсте-ақырын аяққа турып, керекли әспаб-үскенелер, қәнигели кадрлар менен толыса берди. Арадан жыллар өтип сол техникумды питкерип шыққан студентлер арасынан мәмлекетлик хызметкерлер, министрлер, сенаторлар, халық депутатлары, республикамыздың социаллық-экономикалық тараўларына керекли маман қәнигелер жетилисип шыққан.
Өмирде ҳəр бир адамның өз глоссарийси болады, соның менен бирге көп қолланатуғын да сөзлери болады. Назарбай ағаның ең көп қолланған сөзлери: «оқың, үйрениң, есиңизде сақлаң» деген сөзлер болса керек. Мине усы сөзлер арқалы оның изине талай ғана шəкиртлер ерди. Өзи жас гезинде исеним билдирген устазының шалғайынан қалайынша тутқан болса, ўақыт өте келе өз гезегинде оның изине ериўшилер де көп болды.
Бир данышпан: «Муғаллим берген билим-саҳрада достың, өмир жолларында сүйенишиң, жеке ўақтында-мәдаткериң, адамлар арасында абырайың, душпанларға қарсы қурал болып хызмет етеди»,-деген еди. Сол айтқандай ол берген билим, қала берсе шәкиртлериниң билимге шын ықлас қойыўы арқалы үйренгенлери өмири бойы турмыс арбасын қыйыншылықсыз тарта алыўында үлкен жәрдем болды.
Назарбай Халмуратов усындай талапшаңлығы менен көп узамай техникум басшыларының нәзерине түсип, оған директордың орынбасары лаўазымын бекитеди. Ол ислеген жыллары жасларға талапшанлық пенен тәртипке бойсыныўды үйретиў тәлимниң кунделикли дәстүри енгизилиўине үлкен итибар қаратылып, нәтийжеде техникум жаслары арасынан спортта, оқыў өндирислик әмелиятында табысларға ерисе алатуғын билимли жаслар жетилисип шықты. Бул жылларда техникумда оқыў-оқытыў жумысларының әмелият пенен теңдей алып барылыўы ушын оқыў дәргайының оқыў-өндирислик базасын кеңейтиў ҳәм заман талабына сай үскенелеў жумысларында да түпкиликли өзгерислерге ерисилди. Оның искерлигин билген жоқары турыўшы уйым басшыларынан айырым партия, жаслар шөлкемлерине «жумысқа кел»,-деп мирәт еткенинде Назарбай Халмуратов өзи кеўил қойған кәсибине ҳәм өзи ирге тасын қалаўға белсене қатнасқан техникум жәмәәтин таслап кетпеди. Сол техникумның тарийхы жазылса, усы инсанның исми бириншилерден болып сол китапқа қосыла жазылатуғынлығын есапқа алатуғын болсақ, сол жерден пенсияга шығып кетемен дегенше пидайылық пенен хызмет еткен нағыз билимлендириў жанкүйери болды. Оннан қала берсе өндиристиң қан тамыры есапланған автотранспорт қәнигелерин таярлаўда шийкишилик болмаўы тийис деп есаплап, жол қурылысы кәрханаларына жоллама менен барған техникум питкериўшилери шала саўат, уқыпсыз екен деген гәпке қалмаўын бәрқулла тәкирарлап, таярлап атырған қәнигелериниң техникумға абырай әпериўин шын жүрегинен қәлейтуғын еди.
«Тек үш нəрсе ғана адамның басқалардан жоқары екенлигин көрсетеди: талант, илим ҳəм жақсы минез»,-дейди Дени Дидро. Назарбай Халмуратовта усы үш нәрсе бар еди, соның ушын ғана ол басқалардан бәрқулла жоқары, барған жеринде орны төрден болды. Себеби ол устаз еди.

Устаз – бизге билимлер дүньясының есигин ашып, өмир, Ўатан, ана, жақсы-жаман, ақ пенен қара, дос-душпан, сулыўлық, дослық, нәкаслық, ҳадаллық, қуўаныш, мухаббат сыяқлы түрли түсиниклердиң мәнисин үйреткен инсан сыпатында жүрегимизде мәңги қалады. Назарбай аға да устазлық мәртебесине ерисип, көплеген шәкиртлердиң жүрегинен орын алды.
Инсан дүньяға келер екен, тәўирақ жолды басып өткен соң, өзине: «мен нелер иследим, кейнимде не қалдырып атырман, Ўатаныма мүнәсип Адам бола алдымба?» деген сыяқлы сораўлар берип, өзиниң ислеген ислерин тәрезиге тартып көрер екен. Заманласлары, шәкиртлери Назарбай ағаны еслер екен, оны шын мәнисинде ҳадалый инсан, ҳақыйқый кәсип ийеси, ҳақыйқатшыл, көплеп мақтаўға арзырлық шәкиртлер тәрбиялаған устаз сыпатында қарайды. Оның усы мийнетлери мүнәсип баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген транспорт хызметкери” ҳүрметли атағына ылайық деп табылды.
Ҳәзирети Нуў алайхиссалам ҳаққындағы рәўиятта мың жылдан көбирек өмир сүрип, деми таўсылар гезде оннан, «Эй уллы зат, сонша узақ өмир сүрдиңиз, сиз дүньяны қандай түсиндиңиз?»-деп сорапты. Сонда ол: «Дүнья – бир ҳәўлиниң еки есиги болып, олардың биринен кирип, басқасынан шығып кеттим»,-деген екен.
Әлбетте, өмир билген адам ушын жүдә қысқа. Соны аңлай отырып, өзимнен кейин изимде жақсы исм, жақсы перзент қалдырайын дейтуғынлар тилекке қарсы көп емес. Назарбай Халмуратов өзинен бири-биринен тәрбиялы 2 ул, 4 қыз перзент қалдырды, олардың барлығы да ел кәрине жараған инсанлар болып жетилисти. Олар өсип-өнди, үлкен нәрўан шақа жайып, ағамыздың урпақлары өрбиди. Ҳәзир олардың барлығы да Назарбай аға салып кеткен жолдан баратыр, ол жол бахытқа алып барады, өйткени бахыттың мәнзили бар.
Қундыз Жумағалиева, журналист,
Қарақалпақстан хабар агентлиги