Үлкен әдебияттың кишипейил шайыры

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында Миртемир туўылған күниниң 115 жыллығына бағышланған әдебий-ағартыўшылық әнжуман болып өтти.
Әнжуман қатнасыўшылары дәслеп пайтахтымыздағы «Шығатай» қәбирстанына барып, устаз дөретиўшилер, соның ишинде, Өзбекстан халық шайыры Миртемир жерленген орынды зыярат етти.
Лирик шайыр дөретиўшилигине бағышланған әнжуманға әдебияттаныўшылар, илимпазлар, шайырлар, студент-жаслар, Миртемирдиң жақынлары, туўысқанлары мирәт етилди.
Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары Минҳожиддин Мирза Миртемир ҳақыйқатқа, өз исенимине, әдебиятқа садықлығы, еркин сөзли қәлем ийеси, қатал аўқам дәўиринде көплеген шәкиртлерине меҳир ҳәм итибар көрсеткен дөретиўши сыпатында оғада қәдирли екенин атап өтти.
– Миртемир өмири даўамында өз халқының дәрти ҳәм арзыў-әрманлары менен жасап дөретиўшилик еткен шайыр, – деди аўқам баслығының биринши орынбасары Минҳожиддин Мирзо. – Өткен XX әсир әдебиятының устаз Мақсуд Шайхзада, Ҳамид Әлимжан, Ғафур Ғулам, Айбек, Абдулла Қаҳҳар сыяқлы ўәкиллерин қандай ҳүрмет пенен еслесек, устаз Миртемир де әне, усындай уллы дөретиўшилер қатарында болған өткир қәлем ийеси еди. Устаз периштедей кишипейил, әпиўайы, инсаплы, кеңпейил, жас дөретиўшилерге, улыўма, адамларға жүдә меҳрибан инсан еди. Дәўирлер өтти, бирақ Миртемирдиң дөретпелери сол қәлпинде. Устаз Миртемирдиң дөретиўшилиги халық дөретиўшилиги, мийрасынан нәр алған еди. Оның қосықлары бүгинги жарқын күнлердиң әрманы, ықласы менен жазылған дөретиўшилик үлгилери болып есапланады.
Әдебий әнжуманда Өзбекстан халық шайыры Абдулла Шер, әдебияттаныўшы илимпаз Сувон Мели, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, белгили шайыр Шарифа Салимова, жазыўшы ҳәм публицист Алмосхон Аҳмедова, әдебияттаныўшы илимпаз Зуҳриддин Исомиддинов Миртемирдиң қаншелли халықшыл, шәкиртлери көп, биймәлел ҳәм ҳәзирги күнде дөретиўшилиги анаў-мынаў шайырлардан бир емес, бираз жоқары дәрежедеги уллы шайыр болғанын айрықша атап өтти.
– Миртемир устаздай әпиўайы, ҳақ кеўил, кишипейил, қәлби теңиздей терең дөретиўшини табыў қыйын, – деди белгили шайыр Шарифа Салимова. – Устаз шайыр, жазыўшы ҳәм соның менен бирге шебер дилмаш та еди. Олардың бир қатар аўдарма қосықлары әдебият ықласбентлериниң қәлбинде елеге шекем орналасып қалған. 60- жылларда муң-қайғылы руўхтағы қосықларды басып шығарыў усыныс етилмейтуғын еди. Миртемирдиң өз анасына арналган «Қапалық» қосығы бир неше жерлерде басылмай қалады. Негизинде бул қосық аналарға болған мийрим-шәпәәтке толы еди. Қосықтың атамасы автордың келисими менен Зульфия тәрепинен «Анажаным» деп өзгертиледи ҳәм ол «Саодат» журналында басып шығарылады.
– Өткен әсирдиң 70-жылларында Тил ҳәм әдебият институты әдебият орайына айланған еди, – деди әдебияттаныўшы илимпаз Зуҳриддин Исомиддинов. – Миртемирдиң өзи жазған дөретиўшилик үлгилеринен көре, аўдарма шығармалары көп. Бул болса, сол зулым дүзимниң дөретиўшилер басына салған аўыр күнлери менен тығыз байланыслы. Себеби, дөретиўшиниң ҳәр бир қатарынан жоқ жерден айып табыў сол дәўирге сай еди. Миртемир устаз поэзия үлгилерин өзиниң түпнусқасынан да жоқарырақ дәрежеде аўдарма ислейтуғын еди.
Ҳақыйқатында да, шайырдың перзенти Мирза Турсуновтың айтыўынша, 80-жыллардың басында Миртемир шаңарағына белгили қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматов келеди. Ол «Манас» дәстанын Миртемир түпнусқадан да жақсы ҳәм жетик аўдарғанын айрықша миннетдаршылық пенен атап өткен еди.
Мағлыўматларға қарағанда, Миртемир Умарбекович Турсунов 1910-жыл 30-майда Қазақстанның Шымкент ўәлаяты, ҳәзирги Түркстан районының Иқан аўылында туўылған. Шайыр Миртемир лақабы астында дөретиўшилик пенен шуғылланған. Ески тәртиптеги мектепте оқыған, 1921-1923-жыллары Ташкенттеги Алмаий атындағы мектеп-гимназияда оқыған.
1932-жылы Самарқандтағы Педагогикалық академияның жәмийеттаныў ҳәм әдебият факультетин тамамлаған. 30-жыллардың қара көлеңкеси оның басына да көп аўыр күнлерди салды. Миртемир белгисиз себеплерге байланыслы репрессияға ушыраған.
Тез арада, азат етилген, баспаларда, театрда, газетада редактор болып ислеген. Ол ҳәр қыйлы оқыў орынларында сабақ берген, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының кеңесгөйи болған. Шайыр бул жақты дүньяны 1978-жылы январь айында тәрк еткен. 1979-жылы Миртемир «Таўдай сүйенишим» шығармасы ушын Ҳамза атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланған. Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық, 2001-жылы «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықланған.
Оның «Шуғлалар қойнында» (1928), «Қайнаўларым» (1931), «Пайтахт» (1936), «Өш» (1944), «Жаңа қосықлар» (1947), «Таңламалы шығармалары» (1958) ҳәм басқа китаплары, «Мени есле», «Айтыўларға қарағанда, қаламда бир гөззал бар», «Кирпиклерим», «Сени тынышсызландырмайман», «Портрет», «Жеңис» (1929), «Жар салыў» (1932), «Барат» (1930), «Хидир» (1932), «Дилкушо», «Суў қызы» (1937), «Айсәнемниң тойында» (1938), «Көзи» (1939) сыяқлы қосықлары әдебияттың ҳақыйқый ықласбентлерине жақсы белгили. Миртемир Пушкин, Некрасов, Руставели, Абай, Мақтумқулы ҳәм Бердақлардың шығармаларын өзбек тилине аўдарма ислеген.
Әнжуманда Миртемирдиң дөретиўшилиги ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди. Шайырдың перзентлери ҳәм ақлықлары дөретиўшиниң естелигин ардақлаў бағдарындағы итибар ушын миннетдаршылық билдирди.
Назокат Усмонова,
Ойбек Пардаев (суратлар), ӨзА