Трамп артықша сезимлерге берилип кетти ме?

Украинаға қаратылған ең ири ҳаўа ҳүжиминен кейин Владимир Путинди кескин сынға алып, ҳәттеки бираз қопал тәрийплеген АҚШ Президентине Москва жуўап берди. Бул ҳаққында BBC жазған.
Трамптың түсиндириўи Россия Украинаға 367 дрон ҳәм ракета жәрдеминде соққы бериўи нәтийжесинде 13 адам қайтыс болғаннан соң жаңлады. Кремль баспасөз хаткери Дмитрий Песков ўақыяға мүнәсибет билдирер екен, Америка жетекшиси артықша сезимге берилип кеткенин айтты.
Алдынырақ Германия Канцлери Фридрих Мерц Украинаның аўқамласлары қурал-жарақ ажыратыўға байланыслы барлық шеклеўлер алып тасланғаны, Киевке “Таурус” ракеталары жеткерип берилиўи ҳаққында хабар берген еди.
Екшемби ақшамынан дүйшемби таңына шекем Россия Украинаға қарсы 355 дрон ушырды. Нәтийжеде 10 адам қайтыс болды. Украина әскерий-ҳаўа күшлери бул ҳәдийсени тек ғана ушыўшысыз самолётлар жәрдеминде әмелге асырылған ең ири ҳүжим сыпатында баҳалады.
Песковтың айтыўынша, соңғы ҳаўа ҳүжимлери РФ социаллық инфраструктурасына берилген соққыларға жуўап есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги