Умытылмас сәне

271

Нөкис қаласындағы 23-санлы улыўма билим бериў мектебинде де быйылғы 11-класс питкериўшилери ушын умытылмас питкериў кешеси шөлкемлестирилди.

Илаж мектеп жәмәәти, ата-аналар ҳәм оқыўшылардың қатнасыўында көтериңки руўхта болып өтти.

Быйыл жәми 115 оқыўшы бул мектепти тамамлап, үлкен өмирге қарай исенимли қәдем таслаўға таярлық көрмекте. Олардың арасында 2 питкериўши өзиниң жоқары билими ҳәм умтылыўы менен алтын медалға ийе болды.

Кешеде мектеп директоры ҳәм басқалар шығып сөйлеп, журтбасшымыздың питкериўшилерге арналған қутлықлаўын оқып еситтирди. Устазлар ҳәм ата-аналар  жақсы тилеклерин билдирди. Питкериўшилердиң ең жақсы пазыйлетлери атап өтилип, жаңа турмысқа қәдем қойып атырғанлығынан қуўанышлы екенлигин билдирди. Питкериўшилер де устазларына миннетдаршылық билдирди.

Илаж оқыўшылар тәрепинен таярланған сахналық көринислер, аяқ ойынлар ҳәм қосықлар менен даўам етти.

Бул илаж питкериўшилердиң мектептеги соңғы күнлерин қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимлери менен жуўмақлаўға имканият берди.

Бийбисара Жартыбаева, ҚМУ 1-курс магистранты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги