Жасларымызға илим – ең уллы мақтаныш болмақта

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң Нөкис филиалы республикамыздағы ең соңғы ашылған заманагөй мектеплердиң бири болып, бул мектеп Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 1-апрельдеги «Қәнигелестирилген мектеплер тармағын кеңейтиў ҳәм олардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында шөлкемлестирилди.

Мектепте оқыўшыларға математика, информатика, физика ҳәм инглис тили пәнлери тереңлестирилген ҳалда оқытылады.
Сондай-ақ, мектепте ең заманагөй комьпютер ханалары, химия, биология, физика лабораториялары ҳәм робототехника, IТ дөгереклери де бар болып оқыўшылардың теориялық билимлери әмелий жақтан беккемленеди.

Жуўмақланып атырған оқыў жылында бул мектепти 32 оқыўшы питкерип шықпақта. Елимиздеги барлық мектеплерде болғаны сыяқлы, «Илим – ең уллы мақтаныш» сүрени астында «Соңғы қоңыраў» илажы бул мектепте де салтанатлы түрде болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты ҳәм Президентимиздиң мектеплерди питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Сондай-ақ, Министрлер Кеңесиниң Баслығы үлгили, белсенди оқыўшыларға ҳәм оларды камалға келтирген ата-аналарына, оларға билим берген муғаллимлерге миннетдаршылық билдирди.

-Мектебимизди 2024-2025-оқыў жылында 32 оқыўшы питкерип атырған болса, солардан 1 оқыўшы сырт еллердеги 14 жоқары оқыў орнына, 2 питкериўши сырт еллердиң елимизде жайласқан жоқары оқыў орынларының филиалларына грант тийкарында оқыўға қабылланды,-дейди мектеп мәсләҳәтшиси Қутлымурат Мақсетов.-26 питкериўшимиз болса, инглис, математика, физика, биология, химия, тарийх пәнлери бойынша халықаралық ҳәм миллий сертификатларды қолға киргизиўге миясар болды. Алдағы ўақытлары, бизлер бул питкериўшилеримизден үлкен үмитлер күтип отырмыз. Пурсаттан пайдаланып, барлық питкериўшилерди мектепти табыслы тамамлағаны менен қутлықлап, оларға ҳақ жол тилеп қаламан.



Салтанатлы илаж мектеп оқыўшыларының қызықлы концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.