“Янги қуддус” музейинде “Әлемлер арасындағы нур” көргизбеси шөлкемлестириледи

Москва ўәлаятындағы “Янги қуддус” музейинде Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының басламасы менен “Әлемлер арасындағы нур” көргизбеси болып өтеди.
30-май күни ашылыўы режелестирилген бул көргизбеде 1920-1930-жыллардағы өзбек ҳәм рус модернизминиң аз үйренилген тәрепине бағышланған жойбар таныстырылады.

Экспозицияға “Янги қуддус” музейи ҳәм Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер музейи коллекцияларына тийисли 40 художниктиң 160 тан аслам реңли ҳәм графикалық шығармалары киреди. Олардың арасында Александр Волков, Соломон Никритин, Александр Шевченко, Климент Редко ҳәм басқалар бар.
– Россия ҳәм Өзбекстан бирге ислесиўи көп бағдарларда – экономика, илим, туризм, әлбетте, көркем өнер тараўында да раўажланбақта, – дейди Москва ўәлаятының губернаторы Андрей Воробев. – Дөретиўшилик, әсиресе, халықларымыз арасындағы уқсас тарийх мәдений байланысларды және де беккемлейди. “Әлемлер арасындағы нур” жойбары көркем өнер билимданлары ҳәм ықласбентлери ушын оғада қызықлы болады.

ӨзА