Танзила Норбоева Қырғыз Республикасыныӊ елшиси менен ушырасты

2025-жыл 23-май күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Қырғыз Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дуйшонқул Чотонов пенен ушырасыў өткерди. Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы еки тәреплеме байланыслар, әсиресе, кейинги жыллары турақлы раўажланып атырған бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың жедел раўажланыўында еки мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған сөйлесиўлери шешиўши рол атқарғаны айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, жоқары дәрежедеги турақлы ушырасыўлар менен сапар етиўлер еки тәреплеме бирге ислесиўдиң беккем тийкарларын қәлиплестириўге хызмет етпекте.

Тәреплер парламентлераралық бирге ислесиў мәселелерине де айрықша итибар қаратты. Олий Мажлис ҳәм Жогорку Кенеш арасында жумыс алып барып атырған парламентлераралық комиссия шеңберинде ҳәр қыйлы аймақларда турақлы түрде мәжилислер шөлкемлестирилип атырғаны тек ғана парламентлераралық байланысларды емес, ал аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиўге де унамлы тәсир көрсетип атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қырғызстан халықлары арасындағы тарийхый дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў бойынша биргеликтеги жойбарлар менен басламаларды әмелге асырыў бойынша еки тәреп өз-ара мәпдар екенин билдирди. Тәреплер бул бағдарда өз-ара аўызбиршиликте ислесиўге таяр екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.
Қарақалпақстан хабар агентилиги