MyID менен саяхат: енди мийманханалар ҳүжжет сорамайды

236

Туризм ҳәм ишки саяхатты және де қолайластырыў мақсетинде ҳүкиметимиз тәрепинен үлкен қәдем   қойылды. Енди мәмлекетимиздиң түрли  мүйешлеринен сейил етиў ҳәм мийманханаларда тоқтаў және де аңсат болады.

Өзбекстан пуқаралары  Бирден-бир миллий туризм платформасы арқалы  мийманханада орын бәнт етер екен, өз шахсын тастыйықлайтуғын ҳеш қандай қағаз ҳүжжет усыныўы шәрт болмайды. Тек ғана MyID системасында идентификациядан өтиўдиң  өзи жетерли.

Бул имканият Президентимиздиң туристлер ағымын арттырыў бойынша қабыл етилген пәрманы тийкарында турмысқа енгизилмекте. Технологиялар жәрдеминде елимизде туризм тараўы жаңа басқышқа көтерилиўи күтилмекте.

2025-жылы 1-сентябрьден иске қосылыўы  режелестирилген Бирден-бир миллий туризм платформасы тек мийманхана бәнт етиўди емес, ал авто ижара ҳәм аттракционлар, гид ҳәм экскурсовод хызметлерин де бир орында усыныс етеди.

Мийманханалардың жеке кабинетлери  QR -код ямаса таныс системасы арқалы мийманларды автоматикалық идентификациялаў имканиятына ийе  болады. Бул болса ўақытты үнемлейди, артықша ҳүжжетпазлықты сапластырады ҳәм  саяхатты жағымлы етеди.

Қалаберди, бул экономикаға да пайда. Енди саяхат етиў, шаңарақ пенен дем алыў, Өзбекстанның гөззал аймақлары менен танысыў ушын  ҳеш қандай тосқынлық қалмады. MyID арқалы ҳәр бир пуқара өз саяхатын биймәлел режелестире алады.

Жаңа имканиятлардан үнемли пайдаланың. Елимиз бойлап саяхатты баслаң.

Қарақалпақстан хабар агентлиги