Жаслар парламентиниң жаңа қурамы сайланды

303

Жаслардың сиясий-ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, оларды нызам дөретиўшилиги процесине кеңнен тартыў, жас әўладтың сиясий белсендилигин арттырыўда Жаслар парламенти әҳмийетли институтқа айланбақта.

Жаслар парламентиниң ҳәр бир ағзасы өзи жасайтуғын аймақ жасларының машқалаларын үйренип, себеплерин анықлап, оны жаслар арасында додалаў арқалы сапластырыў илажларын көрип атырғанын атап өтиў керек. Қалаберди, нызам дөретиўшилиги процесине қатнасып, заманласларының тилек-өтинишлерин нызамшылыққа енгизиў, олардың усынысларын парламентке алып шығыўға умтылмақта.

Усы жылдың 23-30-апрель күнлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң жаңа қурамы ушын гезектеги сайлаўлардың республикалық басқышы болып өтти.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Кеӊесиниң “Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң жумысын жетилистириў ҳаққында”ғы қарарына муўапық Жаслар парламентине сайлаўлар үш басқышта болып өткенин атап өтиў керек. Усы қарар тийкарында сиясий партиялар тәрепинен Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламенти ағзаларын сайлаў тәртиби ҳаққындағы режелери тастыйықланды.

20-март – 1-апрель күнлери сиясий партияларда Жаслар парламентине сайлаўлардың биринши басқышы барлық район ҳәм қалаларда болып өтти. Усы басқышта республика бойынша жәми 9 мың 531 арза келип түскен. Район (қала)лық таңлаў басқышы төрешилер қурамының жуўмағына бола, жәми 2 мың 493 қатнасыўшы сайлаўдың екинши – аймақлық басқышында қатнасты. Аймақлық басқышлардан болса жәми 530 қатнасыўшы сайлаўдың үшинши – сиясий партиялар тәрепинен республикалық басқышында қатнасты.

Республикалық басқыш жуўмағына бола, усыныс етилген 150 талабанныӊ дизими Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Жаслар мәселелери бойынша комиссиясына усынылды. Жаслар парламенти ағзалары сиясий партиялардың Нызамшылық палатасында ийелеген депутатлық орынларына пропорционал түрде төмендеги орынларға ийе болды: 64 и ӨзЛиДеП, 29 ы “Миллий тикланиш,” 21 и “Адолат” СДП, 20 сы ХДП, 16 сы Экопартияға туўра келеди.

Жаслар парламентиниң жаңа қурамы жаслар мәселелерин шешиў, жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, идеялары менен басламаларын жүзеге шығарыў ҳәм оларды реформалар процесине жедел тартыўда интакер болады.

Муҳтарама Комилова, ӨзА