Қытайда 17 жаңа кәсип пайда болды

354

Қытай Халық Республикасы Инсан ресурслары ҳәм социаллық тәмийнат министрлиги рәсмий түрде 17 түрдеги жаңа кәсип пайда болғанын мәлим етти.

“Синхуа”ның хабар бериўинше, бул дизимге трансшегаралық электрон коммерция менеджери, дрон ушыўын режелестириўши, электрон схема ислеп шығарыўшы сыяқлы хызметлер бойынша қәнигеликлер киргизилген.

Сондай-ақ, соңғы жыллардағы кең көлемли жаңаланыўдың бир бөлеги сыпатында жаңадан классификацияланған генератив жасалма интеллект системасын сынақтан өткериў, ақыллы қоймахана әмелиятына техникалық хызмет көрсетиў сыяқлы 42 жумыс түри де жәрияланды.

“China Daily”диң еслетиўинше, Қытай рәсмийлери биринши мәрте 2018-жылы рәсмий жаңа кәсиплер дизимин жәриялаған. 2019-2024-жыллар даўамында 93 түрдеги жаңа хызмет енгизилген. Мәмлекетлик кеңестиң жыллық есабатында жуўапкерлерге усы жылы қалаларда 12 миллионнан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў ўазыйпасы жүкленген.

ӨзА