Нефть-газ тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиў мәселелери додаланды
198

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Өзбекстан нефть ҳәм гази” халықаралық форумы шеӊберинде Ташкент қаласында болып турған Россияныӊ “Газпром нефть” компаниясы басқарма баслығы Александр Дюковты қабыллады.
Россияныӊ жанылғы-энергетика тараўындағы жетекши компаниясы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеӊейтиў мәселелери додаланды.
Нефть өнимлерин жеткерип бериў, қазып алыныўы қыйын болған кәнлерди өзлестириў ҳәм тараўды санластырыў бағдарындағы шерикликти раўажландырыў имканиятлары көрип шығылды.


ӨзА