Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Өзбекстан нефть ҳәм гази” халықаралық форумы шеӊберинде Ташкент қаласында болып турған Россияныӊ “Газпром нефть” компаниясы басқарма баслығы Александр Дюковты қабыллады.
Россияныӊ жанылғы-энергетика тараўындағы жетекши компаниясы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеӊейтиў мәселелери додаланды.
Нефть өнимлерин жеткерип бериў, қазып алыныўы қыйын болған кәнлерди өзлестириў ҳәм тараўды санластырыў бағдарындағы шерикликти раўажландырыў имканиятлары көрип шығылды.
ӨзА