Өзбекстан Президенти Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасты

193

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола 9-май күни Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасты.

Қызыл майданда Женис парады болып өтти. Илажда Қытай Баслығы Си Цзиньпин, Бразилия Президенти Лула да Силва, Египет Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси, Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Манголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух, Куба Президенти Мигель Диас-Канель, Венесуэла Президенти Николас Мадуро ҳәм басқалар да қатнасты.

Екинши жер жүзилик урыстағы жеңис миллионлаған инсанлардың мәртлиги, ерлиги ҳәм пидайылығының нәтийжеси болып есапланады. Бул уллы мақсетке ерисиўде көп миллетли Өзбекстан халқының да салмақлы үлеси бар.


Урыс басланган ўақытта республикамыз халқы 6 миллионнан аслам еди. Урыс жылларында еки миллионға шамалас өзбекстанлы фронтқа жиберилди. 538 мыңнан аслам адам саўаш майданларында қайтыс болды, 158 мыңнан асламы бийдәрек жоғалды.

Көрсеткен мәртлиги ҳәм ерлиги ушын Өзбекстаннан 214 мыңнан аслам әскер ҳәм офицер жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Ўатанласларымыздан 301 адам Совет Аўқамы Қаҳарманы атағына миясар болды, және 70 адам “Шуҳрат» ордениниң барлық дәрежелериниң ийеси болды.

Өзбек халқы мийнет етиўде де үлкен мәртлик көрсетти. Мәмлекетимиз фронттың исенимли таянышына айланды: бул жерден азық-аўқат, кийим-кеншек, дәри-дәрмақ, қурал-жарақ ҳәм басқа да зәрүр ресурслар үзликсиз жиберилип турылды. Қысқа мүддетте Өзбекстан аймағында 170 тен аслам эвакуацияланған кәрханалар жайластырылғаны қорғаныў санаатының иркинишсиз ислеўин тәмийинледи.


Сол аўыр жылларда Өзбекстан халқы жоқары адамгершилик үлгисин көрсетип, фронт алды аймақларынан эвакуация етилген 1,5 миллионнан аслам адамды, соның ишинде, 250 мыңнан аслам жетим балаларды қабыл етти.

Өзбек халқының урыс жылларындағы мәртлиги халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынбақта.

Мәмлекетимизде де урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшыларының естелигин мәңгилестириў, ветеранларды социаллық қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Ташкентте саўлатлы «Жеңис парки» естелик комплекси қурылды.


Жеңис парадының жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин ҳәм басқа да мәмлекет басшылары менен биргеликте Александр бағындағы Белгисиз әскер қәбирине гүл қойды.

Бул естелик жеңис жолында теңсиз мәртлик үлгисин көрсеткен ҳәм жанын пидә еткен миллионлаған жаўынгерлер, соның ишинде, Өзбекстан перзентлериниң естелигине орнатылған.

Мәресим бир минутлық үнсизлик, ҳүрметли қараўыл ҳәм әскерий оркестрдиң салтанатлы жүриси менен жуўмақланды.


Москва қаласындағы илажлар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары Жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлады.

Өзбекстан – Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў, соның ишинде, Россия Президентиниң өткен жылы май айындағы Өзбекстанға сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң пәтин сақлап қалыўға қаратылған муўапықластырылған илажларды қабыл етиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Экономиканың тийкарғы тармақларындағы жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў, сондай-ақ, аймақлар арасындағы кооперациялық байланысларды хошаметлеўге айрықша итибар қаратылды.

Гуманитарлық алмасыўлар, бәринен бурын, мәденият, көркем өнер, илим ҳәм билимлендириў тараўларында нәтийжели болып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Москва қаласына әмелий сапары жуўмақланды. “Внуково” халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Россия рәсмийлери шығарып салды.


ӨзА