Қабыллаўда судлар тәрепинен қанша мүрәжат көрип шығылды?

229

Халық пенен пикирлесип, олардың суд-ҳуқық тараўындағы мүрәжатларына нәтийжели шешим табыў, пуқара ҳәм исбилерменлердиң нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, адамлардың орынларда судтан-судқа сергиздан болып жүриўлерине шек қойыў ҳәм «Инсан қәдири ушын» идеясы тийкарында ҳақыйқый әдил суд системасын қәлиплестириў және оның жумысын халық мәпи ҳәм инсан қәдирин нәтийжели қорғаўға бағдарлаў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Нөкис қаласында Респуликалық жумысшы топар ағзалары Хожели, Нөкис, Тақыятас районлары ҳәм Нөкис қаласы пуқаралары ушын көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаў даўамында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының жуўапкер ўәкили ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықлары тәрепинен 90 пуқараның әдил судлаўға байланыслы мүрәжатлары қабыл етилди. Соннан 32  жынаят, 10 ҳәкимшилик, 45  пуқаралық ҳәм 3  экономикалық судлаўға байланыслы мәселелер бойынша мүрәжатлар тыңланды. 12 пуқараның жазба түрде шағым арзалары қабыл етилди.

Аўызеки ҳәм жазба мүрәжатлар қабыл етилген көшпели қабыллаўда 29 пуқараның мүрәжаты унамлы шешилди, 49 мүрәжат ийесине тийкарланған ҳуқықый түсиниклер берилди.

Усы күни жазаны өтеп атырған 2 шахс усыныснама ҳәм өтиниш тийкарында жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди. 1 пуқараға байланыслы топланған ҳәкимшилик иси тәреплердиң жарасыўы тийкарында сапластырылып, олардың мүрәжатлары унамлы шешилди.

Нөкис қаласы ҳәм районлардағы МПЖ ҳәм АПЖларға пуқаралық ислери бойынша судларға берилетуғын даўа арза ҳәм арза үлгилери берилип, нәтийжеде сол күнниң өзинде алимент өндириў бойынша 11 суд буйрығы шығарылып, орынлаўға қаратылды. Сондай-ақ, қарызды өндириўге байланыслы 1 пуқаралық иси көшпели судта көрип шығылып, арза қанаатландырылды. Коммуналлық хызметлер төлеми бойынша қарыздарлықты өндириў ҳәм пуқаралардан салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер менен байланыслы қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы суд буйрықларына 14 шахстың наразылық арзалары көрип шығылып, қанаатландырылды. Юридикалық әҳмийетке ийе фактлерди белгилеў бойынша 3 арза қанаатландырылды.

Экономикалық ислер бойынша судлар тәрепинен 1 исбилерменлик субъектиниң даўа талабы қанаатландырылып, исбилерменлер тәрепинен шәртнама тийкарында жеткерип берилген өним ҳәм көрсетилген хызметлер ушын төленбей киятырған 800 миллион сум қаржысы өндирип берилди.

-Бүгинги күни қабыллаўда өзимди ойландырып жүрген мәселе бойынша мүрәжат еткен едим,-дейди Бердақ Айтбаев.-Мениң бул мүрәжатым тийисли қәнигелер тәрепинен көрип шығылып, унамлы шешилди. Буның ушын елимиз Президенти ҳәм республикамыз басшыларына үлкен рахмет айтаман.

Бундай көшпели қабыллаўлар республикамыз бойлап даўам етпекте.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги