Шаҳрисабз қаласында 6-сентябрь күни Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Усы күнлерде тарийх ҳәм келешек тутасқан мәнзил – әййемги Шаҳрисабзда байрамға тән руўх ҳүким сүрмекте. Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманына көрилген пуқта таярлық қалаға өзгеше пайыз бағышлаған. Сулыў бағлар менен қыябанлар, рәңбәрең гүллердиң ийиси аңқыған көшелер адамға көтериңки кейпият бағышлайды. Дүньяның ҳәр қыйлы регионларынан келген мийманлардың жүзиндеги қуўаныш, өз-ара шын жүректен қатнас жасаў әййемги Кеште үлкен байрам басланып атырғанынан дәрек береди.
Әййемги Шаҳрисабзға пайызлы ақшам кирди. Дүньяның бийбаҳа естелиги – Ақсарай рәңбәрең шырақлар нурында және де саўлатлы көринеди. Гүз пасылы басланған болса да, адамның көзи илген жерге шекем жасыллық пенен бүркенген майданлар әпсананы ҳақыйқатқа айландырғандай. Аўа, әййемги Кеш бийкарға жасыл қалаға теңелмеген.
Президентимиздиң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өзбек миллий мақам көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын Шаҳрисабзда өткериў бойынша басламасынан кейин қалада қысқа ўақытта кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Әнжуман мүнәсибети менен тарийхый мәкан Әмир Темур қыябаны өзгеше түрге енди. Ақсарай әтирапындағы майданларда елимиз ўәлаятларының турмыз тәризи, дәстүрлери менен үрп-әдетлерин сәўлелендиретуғын этнографиялық қалашалар қурылды. Олардағы ықшам сахналарда театрластырылған тамашалар, фольклор жәмәәтлериниң тамашалары көрсетилмекте. Сырт ел туристлери өнерментлердиң көргизбе-ярмаркаларында әййемги безелген гезлемелер ҳәм липаслар, гилемлер, миллий саз әсбаплар, ылайдан исленген буйымлардың үлгилери менен танысыў, елимиздиң туризм потенциалына бағышланған мийман үйлеринде шаңарақлық мәресимлерди көриў имканиятына ийе болады.
Бухараның өзине тән нышаны есапланған Арк қорғанының макети, хорезмше шөгирмелер, Ферғана үлкесиниң миймандослығы белгиси болған шайханалар, түйелер кәрўанлары елимиздиң бай тарийхынан дәрек береди. Мырзашөлдиң тил үйиретуғын қаўынлары, шийрин-шекер мийўелери менен жүзимлерин көрген адам олардан бир татып көрсем, дейди.
ЮНЕСКОның дизимине киргизилген Дорус-саодат ҳәм Дорут-тиловат комплекслери, Кундузак мешити, Абдушукур Ағалық медресеси, Чорсу базары сыяқлы әййемги естеликлер әнжуман қатнасыўшыларын таң қалдырады.
Халықаралық мақам әнжуманының өткерилиўи, сондай-ақ, «Қаршы-Шаҳрисабз» жөнелисинде жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын «Afrosiyob» электр поездының қатнаўы жолға қойылғаны туризмди және де раўажландырыўға хызмет етеди.
6-сентябрь, саат 19.00. Шаҳрисабз, Ақсарай майданы.
Әнжуман қатнасыўшылары ҳәм тамашагөйлер Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қоллап-қуўатлаўлар менен күтип алды.
Жәҳән классикалық көркем өнериниң бийбаҳа үлгиси болған мақам көркем өнери бойынша халықаралық көркем өнер әнжуманы мәмлекетимиз басшысының басламасы менен биринши мәрте өткерилмекте.
Майданға усы көркем өнер байрамына қатнасып атырған мәмлекетлердиң ўәкиллери мирәт етилди. Шақырық намасы жаңлайды.
Сөз Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Әмир Темур бабамыз қурған Ақсарай майданында өтип атырған халықарлық музыка көркем өнери әнжуманы қатнасыўшылары менен мийманларын қутлықлап дүнья халықларының музыкалық ғәзийнесине айланған мақам көркем өнерин көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, оны келешек әўладларға итиятлап жеткериў бул әнжуманның тийкарғы мақсети екенин атап өтти. Өзбекстанның бул басламасын қоллап-қуўатлап, абырайлы көркем өнер әнжуманына қатнасыў ушын келген халықаралық шөлкемлер, мақам атқарыўшылығы бойынша үлкен мектепке ийе мәмлекетлердиң мәденият тараўындағы жуўапкер адамлары, көркем өнер ғайраткерлерине миннетдаршылық билдирди.
Халықаралық музыка байрамының ашылыўына бағышланған театрластырылған концерт бағдарламасы басланды. Сахнада классикалық сазлар жаңлайды. Әжайып тамаша узақ-узақ еллерге трансляция етилди.
Халықаралық көркем өнер әнжуманы өзбек миллий мақам көркем өнериниң бийбаҳа үлгилерин үгит-нәсиятлаў, оны қәстерлеп сақлаў, жас әўладты классикалық музыкаларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, халықлар арасында дослық байланысларын беккемлеўге хызмет етеди. Бул әнжуманда 73 мәмлекеттен 300 ден аслам қатнасыўшы ҳәм мийман қатнасып атырғаны оның жоқары мәртебесинен ҳәм абырайынан дәрек береди.
Елимизде мақам көркем өнери әййемнен раўажланған. Саҳыпқыран Әмир Темур мақамның туңғыш мектебин Шаҳрисабз диярында қәлиплестиргени тарийхый дәреклерде жазып қалдырылған. Тарийхшы Шарафиддин Али Яздий «Зафарнома» дөретпесинде Әмир Темур дәўиринде өткерилген музыкалық әнжуманлар ҳаққында былай деп жазады: «Хош ҳаўазлы қосықшылар жырлаўды баслап, ғәззел тоқыйтуғын еди. Ҳәм түрки уйғыр, моңғол ҳәм қытайлар, араб және парсылар ҳәр ким өз әдиси менен қосық айтар еди».
Бүгинги күнде елимизде өзиниң Ҳапызы ямаса қосықшысы болмаған аўыл яки мәҳәлле жоқ. Үйинде дуўтар, домбыра, дәп сыяқлы саз әсбапларын сақлаў өзбектиң дәстүрине айланған. Халқымыздың нама-қосыққа, көркем өнерге бундай меҳри, музыка мәденияты шаңарақ орталығында қәлиплескен ҳәм раўажланған.
Халқымыздың музыкалық ой-пикириниң жемиси сыпатында жаратылған дүрданалар дүнья жәмийети тәрепинен тән алынған. «Шашмақом», «Катта ашула» адамзаттың ең дүрдана ашылыўы сыпатында ЮНЕСКО ның Жәҳән материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизилгени пикиримиздиң дәлили.
Бүгин санаўлы халықларда сақланып қалған мақамның мәнисинде бабаларымыздың терең ой-пикири жәмленген. Сонлықтан, елимизде оны раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Әййемги мақам көркем өнериниң көркем-эстетикалық әҳмийетин тиклеў, заманагөй музыкалық процесстиң ажыралмас қурам бөлеги сыпатында дөретиўшилик, атқарыў ҳәм илимий потенциалды жүзеге шығарыў жолында салмақлы жумыслар басланды.
— Көплеген халықаралық фестивальларға қатнасқанман бирақ Өзбекстанда жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип атырған Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы көргенлеримниң ишинде ең айрықшасы, -дейди Флоренция университетиниң профессоры Пьеро Долара. – Әнжуман әййемги көркем өнер түри болған мақамды үгит-нәсиятлаўға қаратылғаны менен де әҳмийетли. Бул музыкалық байрам мақам философиясын, оның теңсиз тартымлылығын, нәзиклигин өзинде жәмлеген. Ҳәр қандай нама инсан қәлбиниң төрине жетип барыўын, кеўиллерди бийлеп алатуғынын байрамды тамаша етип және бир мәрте түсиндим. Сахнада халқыңыздың уллы өтмиши, бай көркем өнериниң көриниси болған қосықларды тыңлап ләззетлендик. Бул, Өзбекстанның көркем өнерди раўжландырыўға қосып атырған үлкен үлеси болып табылады.
– Ақсарай әтирапындағы әййемги қалашада өнерментшилик, дийханшылық дәстүрлерин, той сахналарын көрсетпектемиз,-дейди Қашқадәрья ўәлаяты музыкалы драма театрының бас режссёры Исҳоқ Тўраев. – Сырт елли мийманлар халқымыздың бийбаҳа мийрасына ийе екени ҳәм бабалардан мийрас қәдриятлармызды бүгинде қәстерлеп сақлап киятырғанына рахмет айтпақта. Бул қәдриятларға ҳүрмет елимизде жоқары екенинен дәрек береди.
… Сахнада «Шашмақом»ның дүньяда тән алынған 6 топламына тийисли классикалық қосықлар жаңлайды. Ўәлаяттың фольклор үлгилери, бийтәкирар аяқ ойынлар кеўиллерди көтереди. Йошлы нама-қосықлардан заўықланған тамашагөйлер қосықшылар менен биргеликте айтты.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен пайтахтымызда Мақам орайы шөлкемлестирилмекте, барлық ўәлаятларда мақам ансамбльлери жумыс алып бармақта. Мақам әнжуманы шеңберинде алып барылған үгит-нәсият жумысларының нәтийжесинде 7 жастан 70 жасқа шекемги жерлеслеримиздиң мақам көркем өнерине меҳри және де артты. Бул әнжуман ҳәр еки жылда өткерилетуғынын есапқа алсақ, келешекте мақам көркем өнерине қатнас түп-тийкарынан өзгеретуғынына гүман жоқ.
– Ўәлаятымыздағы 22 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң 20 сында мақамшылар ансамбльлери бар. Жақында университетимизде әне усындай топардың жумысы жолға қойылды,-дейди Термиз мәмлекетлик университети музыкалық тәлим кафедрасының баслығы Абдурайим Турсынов. – Бул абырайлы әнжуман таңлаўына сурхандәрьялы жаслар да қатнаспақта. Мақсетимиз келешекте жақсы ҳаўазларды, жаңа талантларды тәрбиялап, миллий көркем өнеримизди дүньяда еле де кеңирек үгит-нәсиятлаўға үлес қосыў. Бунда бул көркем өнер әнжуманы жасларымыз ушын үлкен тәжирийбе мектеби болып хызмет етеди.
10-сентябрьге шекем даўам ететуғын көркем өнер әнжуманында 29 мәмлекет ўәкиллери мақамның ҳәр қыйлы бағдарларында өз-ара беллеседи. Халықаралық төрешилер қатнасыўшыларды «Ең жақсы мақам ансамбли», «Ең жақсы жеке сазенде» ҳәм «Ең жақсы жеке атқарыўшы» номинациялары бойынша баҳалайды.
Әнжуман шеңберинде «Мақам музыкалық көркем өнери ҳәм оның жәҳән цивилизациясында тутқан орны» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция, жәҳән ҳәм өзбек мақам көркем өнери шеберлериниң қатнасыўындаа көркем шығыўлар, жас мақам атқарыўшыларының таңлаўы, илимий-дөретиўшилик изертлеўлер, дөгерек сәўбетлери ҳәм басқа да илажлар шөлкемлестириледи.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
ӨзАның хабаршысы