Шольц хошласыў сөзинде Мерцке әўмет тиледи

6-майға белгиленген Германия Бундестаги мәжилисинде жаңа канцлер сайланады. Усы мүнәсибет пенен ҳүкимет басшысы Олаф Шольц хошласыў сөзинде мәмлекеттиң гезектеги басшысы болыўы күтилип атырған Фридрих Мерцке әўмет тиледи:
Ҳурметли Мырза Мерц! Ҳүкимет алдында турған барлық ўазыйпаны шын кеўилден орынлаў ҳәм қыйыншылықларды жеңип өтиўде сизге үлкен табыс ҳәм әўмет тилеймен. Келетуғыны анық болған қыйын ўақытта қосымша күш ҳәм исеним топлаў имканиятын беретуғын ушырасыўлар тилеймен.
ГФР сыртқы ислер министри Анналена Байербок та социаллық тармақ арқалы хошласыў видеосын жәриялаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги