Хирург шыпакерлер көплеген шаңарақларға үмит бағышламақта

434

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен елимиз бойлап өткерилип атырған “Саламатлық айлығы” шеңбериндеги илажлар нәтийжели даўам етпекте. Айлық шеңберинде елимизде халықтың саламатлығын беккемлеўге қаратылған бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылмақта. Мине, усындай ийгиликли жумыслардың бири Қарақалпақстандағы медицина институтының клиникасында да өткерилди.

Усы илажлар шеңберинде Академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының Туўма жүрек нуқсанлары бөлиминиң баслығы, кардиохирург Умид Муродовтың басшылығындағы қәнигели шыпакерлер жәмәәти институтқа келип, жүрегинде туўма нуқсаны болған балаларды көзден өткерди.

Жәми 40 қа шамалас бала терең медициналық тексериўден өткерилди. Олардың арасынан жүрек нуқсаны анықланған балалар таңлап алынды ҳәм бийпул хирургиялық операциялар баслап жиберилди.

Ҳәзирги ўақытта 10 балаға жүрек нуқсанларын емлеў ушын әмелге асырылатуғын операциялардың реже-графиги дүзилген. Бундай қайырқомлыққа тийкарланған жоқары инсаныйлық басламалар, әлбетте, көплеген шаңарақларға үмит бағышламақта.

Бул илаж тек ғана медициналық жақтан емес, ал жәмийетте аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик пазыйлетлерин беккемлеўде де үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтиў керек.

“Саламатлық айлығы” шеңбериндеги бундай әмелий жумыслар жақсылық, мийрим-шәпәәт ҳәм шыпа үлестириў жолындағы әҳмийетли қәдемлер болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги