Үгит-нәсият илажлары өткерилмекте

Коррупция тек ғана жәмийетте унамсыз ақыбетлерге алып келмейди, ал мәмлекеттиң раўажланыўына үлкен тосқынлық етеди.
Төрткүл районындағы “Агробанк” АКБ, “Микрокредитбанк” АКБ, “Халық банки” АКБ ҳәм “Өзмиллийбанк” АЖ районлық филиалларында руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия жумыслары бойынша нәтийжелиликти арттырыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мақсетинде “Коррупция – раўажланыўдың душпаны” атамасында үгит-нәсият илажлары өткерилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Илажда Республикалық руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия бойынша басқармасы районлық бөлиминиң баслығы Ж.Сеттиев коррупция ҳәм басқа да унамсыз иллетлерге қарсы гүресиў, жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алыў ҳәм кәсиплик этика қағыйдаларына әмел етиў зәрүрлиги ҳаққында айтып өтти.

Район ҳәкиминиң мәмлекетлик тил мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси, үгит-нәсиятлаў топарының ағзасы Г.Назарова банк филиалларында мәмлекетлик тилге байланыслы нызамларға әмел етиў әҳмийетли екенлиги ҳаққында айтып, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм методикалық көрсетпелерди усынды. Бул, өз гезегинде, мәмлекетлик тилдиң өзине тән орны ҳәм ролин арттырыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, банклерде руўхыйлық мүйешлерин байытыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң “Ҳәзирги заман ҳәм Жаңа Өзбекстан” атамасындағы китаплары тарқатылды. Бул китаплар, хызметкерлерге руўхый ҳәм мәнаўий потенциалын арттырыўда жәрдем береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги