Биргеликте коррупцияның алдын аламыз

326

Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен жәмийетшилик арасында коррупцияға қарсы сергекликти күшейтиў мақсетинде бир қатар үгит-нәсият илажлары әмелге асырылмақта.

Усы мақсетте партияның аймақлық Кеңеси баслығының орынбасары Шарипа Төрешова Нөкис қаласындағы 1-санлы шаңарақлық поликлиникада тараў хызметкерлери менен ушырасты.

“Биз коррупцияға қарсымыз!” атамасында өткерилген усы илажда поликлиника хызметкерлери қатнасып, медицина тараўында жүз бериўи мүмкин болған коррупциялық жағдайлардың алдын алыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм ашық-айдынлықты орнатыў бойынша пикир алысты.

Сондай-ақ, усындай илаж Нөкис қаласындағы “Innova Expert” жеке меншик клиника орайында да алып барылды. Атап өтилгениндей, коррупцияның алдын алыў ушын биргеликте ҳәрекет етиў керек.

Коррупцияның унамсыз ақыбетлери, оның жәмийет раўажланыўына көрсетип атырған кери тәсирлери, қәўип-қәтерлери ҳаққында мағлыўматлар берилип, арнаўлы буклет, үгит-нәсият қураллары тарқатылды.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги