Трамп сырт ел фильмлерине 100 процентлик салық салмақшы

АҚШ Президенти Дональд Трамп Саўда министрлиги ҳәм Саўда ўәкили уйымына «мәмлекетке кирип келип атырған ҳәм сырт елде ислеп шығарылған барлық фильмлерге» 100 процент бажы енгизиўге руқсат бергенин айтты. Бул ҳақ№ында «Euronews» хабар тарқатты.
– Америка кино көркем өнери тезлик пенен изге ҳәрекетленбекте, – деп жазған мәмлекет жетекшиси социаллық тармақ арқалы. – Басқа мәмлекетлердиң кино дөретиўшилери ҳәм студияларын Америкадан узақластырыў ушынҳәр түрли хошамет усыныс етилди. Олардың биргеликтеги ҳәрекети миллий қәўипсизликке қәўип болып табылады.
АҚШ киносы ҳәм телевидениесинде ислеп шығарыў дәрежеси кейинги жылларда СОVID-19 пандемиясы, Голливуд гильдиясындағы 2023-жылғы жумыс таслаў ҳәм Лос-Анджелес аймағындағы тоғай өртлери себепли үлкен сәтсизликти басынан өткермекте.
Мусулмон Зиё, ӨзА