Ўатанласларымыз бийпәрўа емес!

Елимиз мәҳәллелеринде пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўы процесслери болып өтпекте.
Өз тәғдирин усы мәмлекет, мәҳәлле тәғдири менен байланыстырған ўатанласларымыз бул жуўапкершиликли процесске бийпәрўа қарамай атырғаны итибарға ылайық.
Сайлаў процесслеринде талабанлар өз бағдарламалары, келешектеги режелери, мәҳәллелерди және де абат, абадан, қәўипсиз болыўы, шаңарақлық ажырасыўлардың алдын алыў, жынаятышылықты сапластырыў, исбилерменликти раўажландырыў бойынша келешекте әмелге асырылатуғын жумыслары ҳаққында толық мағлыўмат бермекте. Ең мүнәсип талабанлар мәҳәлле баслығына сайланбақта.
Май-июль айларында өткерилетуғын мәҳәлле баслықлары сайлаўына қызғын таярлық жумыслары әмелге асырылғанын айтыў керек.
Мәҳәллелер ассоциациясында Республикалық штаб, 14 аймақта ҳәм 208 район ҳәм қалаларда мәҳәлле баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесиўши комиссиялар жанындағы Штаблардың жумысы жолға қойылды.
Жәрдемлесиўши комиссиялардың мәҳәлле баслықлары сайлаўына байланыслы 32 түрдеги ҳүжжетлер жойбары таярланып, аймақларға жеткерилди.
Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы берген мағлыўматларға бола, 2025-жыл 2-май сәнесинле республика аймағындағы 157 район (қала)лардың 260 мәҳәллесинде сайлаўлар өткериледи.
Бул сайлаўларда қатнасатуғын ўәкиллер 78 мың 114ди қурайды.
ӨзА