Қытай СОVID-19 АҚШта пайда болғанын айтпақта

Президент Дональд Трамп ҳәкимшилиги СОVID-19 тарқалыўында ҚХР лабораториясын айыплағаннан кейин, Пекин күни кеше көпшиликке жәрияланған пандемияға қарсы жуўап ҳаққындағы билдириўде бул вирус, керисинше, АҚШта жаратылған болыўы мүмкинлиги ҳаққында айтты.
Ақ үй 18-апрель күни иске қосқан СОVID-19 веб-сайтында коронавирус Қытайдағы лабораториядан сызып шыққанын атап өтип, бурынғы Президент Жо Байден, АҚШ денсаўлықты сақлаў системасының бурынғы жетекши хызметкери Энтони Фауси ҳәм Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкемин сынға алған.
«Синьхуа» мәмлекетлик мәлимлеме агентлиги басып шығарған мақалада Қытай АҚШты бул мәселени сиясатластырыўда айыплаған.
– Биз тийисли мағлыўматларды өз ўақтында ЖДСШ ҳәм халықаралық жәмийетшилик пенен бөлистик, – деп қосымша етилген есабатта. – АҚШ өзин «соқыр ҳәм герең көрсетиў»ди даўам етпей, керисинше халықаралық жәмийетшиликтиң тәбийғый қәўетерлерине жуўап бериўи керек. Тийкарғы дәлиллер СОVID-19 Қытайда ҳәўиж алыўынан алдынырақ Қурама Штатларда жүзеге келген болыўы мүмкин екенлигин көрсетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги