Өзбекстан ҳәм Қытай илимий-технологиялық бирге ислесиў бойынша жаңа келисимлерге қол қойды

285

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги делегациясы Қытай Халық Республикасы Синьцзян-Уйғур автоном районына сапары даўамында бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиў, перспективалы бағдарларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде бир қатар ушырасыўлар өткерди.

Атап айтқанда, «Тянфен» аўыл хожалығы илимий-техникалық компаниясы менен азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге жәрдемлесетуғын лаборатория орайын ашыўға келисип алынып, тийисли келисимге қол қойылды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Саўда ҳәм раўажланыў бойынша комиссиясы (UNCTAD) эксперти ҳәм «Space Techtronic Industries Services (Shenzhen) Co., Ltd.» ўәкиллери менен Қытайдан Өзбекстанға алдынғы технологияларды алып кириў процесслерин муўапықластырыўшы орай шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.

Буннан тысқары, «Xinjiang Beixin Road & Bridge Group Co.Ltd» компаниясы менен академиялық алмасыў бағдарламаларын әмелге асырыў мәселеси додаланды. Тянсзин аўыл хожалығы университети менен биргеликте аграр илимий изертлеў орайын шөлкемлестириў, «Жаңа Өзбек-Қытай ландшафт дизайны» концепциясын ислеп шығыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Чаньан университети менен халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм студентлер алмасыўы бағдарламалары шеңберинде төрт бакалавриат бағдарының ҳәр бири бойынша 30 студентке шекем қабыл етиў режелестирилген.

Сондай-ақ, Ташкент химия-технология институты ҳәм Сиань нефть университети арасында биргеликте илимий лаборатория шөлкемлестириледи.

Пекин технология институты тәрепинен Ташкент қаласында сырт ел филиалын ашыў мәселеси де додаланды. Жаңа кампус қурамында бес тийкарғы факультет – компьютер илимлери, машина қурылысы ҳәм автомобиль қурылысы, “жасыл” энергетика, ири көлемли мағлыўматлар, жасалма интеллект ҳәм кибер қәўипсизлик бағдарлары жумыс алып барыўы нәзерде тутылмақта.

Бир сөз бенен айтқанда, жоқары билимлендириў системалары шериклигиниң көлемин және де кеңейтиўге қаратылған бул ҳәрекетлер Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы байланысларды беккемлеўге хызмет етеди, илим, технология, билимлендириў тараўларын раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратты.

 

М.Сайфуллаев, ӨзА