Сөйлесиў сәтли болмаса, Киевте басқа реже де бар

Дрон ислеп шығарыўды кеңейтиў бағдарламасы келиспеўшиликти сапластырыў бойынша сөйлесиўлер сәтизликке ушыраған жағдайда Киев усынатуғын екинши реже болып есапланады, деп жазды Американың “The New York Times” басылымы интервью берген әскерий аналитиклерге сүйенип.
– Өткен жылы гүзде ислеп шығарыла баслаған ҳәм февраль айында қорғаныў министри Рустем Умеров тәрепинен рәсмий жәрияланған “Ушыўшысыз самолётлар бойынша кеңейтилген бағдарлама” Киевтиң “Б режеси” болып есапланады, – делинген мақалада.
Хызметкердиң сөзлерине бола, ең жақсы оқытылған дрон бөлимшелеринен қорғаныў шегарасын жаратыў мақсети ҳәзирше бес структураны бирлестирген.
Украина стратегиялық санаат министри Герман Сметанин буннан алдынырақ Киевте 700 километрге шекем аралықта жайласқан нышанға соққы бере алатуғын “Пекло” өзи ушатуғын ракеталары бар екенин айтқан еди. 2024-жыл 24-августта Владимир Зеленский басқа да ушыўшысыз ракеталар, соның ишинде, “Паляница” да сынақтан өткерилгени ҳаққында айтқан еди. 4-декабрьде болса Умеров бул түрдеги қурал системалы түрде ислеп шығарыла баслағанын мәлим етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги