Халықаралық фестивальда «Мақом» ансамбли гран-приге ийе болды
Европа Фольклор фестивальлары федерациясы және ЮНЕСКО тәрепинен халықаралық фольклор фестивалы шөлкемлестирилди. Болгария Республикасында болып өткен «WORLD FOLK –2018» фольклор бойынша жәҳән чемпионатында 72 мәмлекеттен жүзге шамалас топар қатнасты.
Өзбекстанның «Мақом» ансамбли рәңбәрең халық қосықлары менен фестиваль қатнасыўшыларында айрықша тәсир қалдырды.
Өзбекстан Республикасы халық артисти Сойибжон Ниёзовтың басшылығында усы ансамбльдиң қурамында болған саз әспаблары усталары ҳәм атқарыўшылары қойылған шәртлер бойынша жоқары шеберликлерин көрсетти. Ансамбль алты басқыш жуўмақлары бойынша жоқары нәтийжелерди көрсетти.
«Мақом» ансамбли фестивальдың ең жоқары – Гран-при сыйлығына ылайық табылды.
Биринши орынды Россия Федерациясынан келген фольклор топары ийеледи. Екинши орын Грузия, үшинши орын Уллы Британия фольклор шеберлерине несип етти.
Мағлыўмат орнында, бул фестиваль 1992-жылдан берли өткерип келинетуғынын атап өтиў керек. Оған Европа, Азия, Америка ҳәм Африка мәмлекетлериниң фольклор топарлары қатнасады. Фестиваль дүньяның түрли мәдениятлары менен үнлес болыў имканиятын берип ғана қоймастан, оның жәрдеминде дүнья жүзи бойлап виртуал саяхатты да әмелге асырыў мүмкин. Себеби концертлер ҳәр қыйлы миллетлер ҳәм халықлардың үрп-әдетлери ҳаққындағы фильмлер менен байытылған.
«Мәңги дос болып қаламыз» сүрени астында өткерилген фестиваль өз-ара сөйлесиў майданы болып, қатнасыўшылар өз-ара пикир-усыныслар алмасыў имканына да ийе болды. Концерт бағдарламалары Варна қаласындағы белгили Жазғы театрда ҳәм басқа да орынларда өткерилди. Тийкарғы бағдарламаға қосымша сыпатында қала көшелеринде сейиллер, өнерментшилик ярмаркалары шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар Варна қаласының тарийхый орынларын зыярат етиў имканиятына да ийе болды.
Муаттар РЎЗИБОЕВА,
ӨзА