Билдирилген мүрәжатлар қадағалаўға алынды

281

Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселеси бойынша аймақларда “Ҳәким ҳәм жаслар” ушырасыўлары өткерилип келинбекте.

Елликқала районы ҳәкими В.Ниязимбетов районның барлық аймақларында кесте тийкарында ушырасыўлар өткерип келмекте.

Ҳәким реже бойынша гезектеги ушырасыўын “Дослық” аўыл пуқаралар жыйынында бир топар жаслар менен ашық пикирлесиў тәризинде өткерди.

Ушырасыўда район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары, аўылдағы улыўма билим бериў мектеплериниң директорлары қатнасты.

Онда жаслар өз мүрәжатларын билдирип өтти ҳәм мүрәжатлар район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.


Сондай-ақ, жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги