Кашмир ўақыясында айыпкер ким?

277

Кашмирдиң Ҳиндстан қадағалаўындағы аймағында 26 туристтиң өлимине себеп болған ҳүжимнен соң Ҳиндстан Пакистан менен тийкарғы шегарадан өтиў орнын жапты. Қоңсы мәмлекет дипломатларын шығарып жиберди ҳәм суў бөлистириўи бойынша келисим орынланыўын тоқтатты. Бул ҳаққында ВВС жазды.

Айыплаўға қарамастан, Пакистан ўақыяғы байланыслы екенин бийкарлады. Ҳиндстан тәрепинен көрилген илажларға жуўап бериў мәселесин додалаў ушын бүгин миллий қәўипсизлик мәжилисин өткереди.

Тоғайдан шығып келген қураллы адамлар ири туристлик мәнзил – Паҳалгам қаласының жанында мийманларға автоматтан оқ атқан. Қайтыс болғанлар ҳаққында толық мақлыўмат топланған. Қурбанлар арасында пал айын өткериў мақсетинде келгенлер, исбилерменлер дизимге алынған.

Аяўсыз ҳүжимди ким әмелге асырғаны бойынша елеге шекем рәсмий тастыйықлаў жоқ. Айырым баспасөз хабарларында Пакистанда жайласқан «Лашкар-э-Тайба» шөлкемине байланыслы топар жуўапкершиликти мойнына алғаны айтылған.

Ҳиндстан Бас министри Нарендра Моди қәўипсизлик ушын жуўапкерлер менен ушырасыў ушын сырт ел сапарын қысқартты ҳәм Делиге қайтты. Ол айыпланыўшылар аяп отырылмайтуғынын атап өтти.

Ҳиндстан ҳәм Пакистан даўагерлик етип атырған Кашмир көп жыллар даўамында көтерилис орайы болып келмекте. Тартыс нәтийжесинде ҳәзирге шекем он мыңлаған гүнасыз адам ерте өмирден көз жумды. Ара-арасында қураллы басқыншылар туристлерге де ҳүжим шөлкемлестирип турады.

Мусулмон Зиё,  ӨзА