Мийнет мигрантларына субсидия ҳәм кредитлер ажыратыў тәртиби белгиленди

22-апрельде қабыл етилген Ҳүкиметтиң 252-санлы қарары менен «Сырт елге жумысқа таярлаў орайы» шөлкемлестириледи ҳәм онда «Бир айна» принципи тийкарында мийнет миграциясына байланыслы хызметлер көрсетиледи.
Сондай-ақ, жолаўшы автобуслардың санын көбейтиў арқалы сырт елде ўақтынша мийнет етиўин әмелге асырыў ушын киятырған ҳәм қайтып атырған пуқараларды тасыўда арзан ҳәм тәртипли транспорт қатнаўы жолға қойылады.
Қарар менен «Сырт елде мийнет етиўди әмелге асырыў ушын кетип атырған ҳәм мийнет миграциясында болған пуқараларға субсидия, компенсация ҳәм кредитлер ажыратыў тәртиби ҳаққында»ғы Реже тастыйықланды.
Режеге бола, субсидия ҳәм компенсациялар мийнет миграциясы электрон бағдарламалық комплексинде дизимнен өткен ҳәм шөлкемлестирилген ҳалда мийнет миграциясына кетип атырған пуқараларға төмендеги қәрежетлерди қаплаў бойынша ажыратылады, соның ишинде:
– шет тиллери ҳәм (ямаса) кәсип бойынша маманлық имтиханларын тапсырыў қәрежетлерин қаплаў ушын, олар табыслы тапсырылғанда ҳәм сертификат алынғанда – БЕМниң 3 есесине шекем;
– сырт елде мийнет етиўди әмелге асырыўға «жумысшы виза»ны рәсмийлестириў қәрежетлерин қаплаў ушын – БЕМниң 5 есесине шекем;
– жол билетин сатып алыў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын – БЕМниң 2 есесине шекем муғдарда;
– немис, инглис, япон ҳәм корейс тиллери бойынша кеминде B1 ямаса оған теңлестирилген дәрежедеги халықаралық сертификат алған питкериўшилери ең көп болған 50 ге шекем оқытыўшыға – 50 миллион сум муғдарында.
Ўақтынша мийнет етиўди әмелге асырыў ушын шөлкемлестирилген ҳалда раўажланған мәмлекетлерге шығып атырған пуқараларға коммерциялық банклер тәрепинен 10 миллион сумға шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процент бәнтке жоқары ставкада 2 жыл мүддетте микрокредитлер ажыратылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги