Сырттан зат алып кириўдиң муғдары қандай?

Хабарыңыз бар, усы жыл 1-май сәнесинен баслап физикалық тәреплер жағынан жеке мүтәжлиги ушын коммерциялық емес мақсетлерде республикаға бажысыз алып кирилетуғын товарлардың жаңа нормалары тастыйықланды.
Бул бағдарда ҳәзирги ўақытта орынларда үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиндириў илажлары әмелге асырылмақта.
Оған бола, ҳаўа транспортында 1000 АҚШ доллары, темир жол ҳәм дәрья транспортында 500 АҚШ доллары, автомобиль (пияда) өткериў пунктлери арқалы 300 АҚШ доллары, халықаралық курьерлик жөнелтпелери арқалы 200 АҚШ доллары, халықаралық почта жөнелтпелери арқалы 100 АҚШ доллары эквивалентиндеги товарлар муғдар көрсеткишлеринен артпаған ҳәм сапар даўамлылығынан келип шыққан ҳалда бажысыз алып кирилиўи мүмкин.
Бажыхана нызамшылығына киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекетленип атырған пуқаралар, айдаўшылар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллерин хабардар етиўге қаратылған үгит-нәсиятлаў илажлары “Хожели” шегара бажыхана посты ҳәм оған тутас мәҳәллелерде болып өтти.

Халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға қаратылған үгит-нәсият илажларында пуқаралар өзлерин қызықтырған сораўларға тараў хызметкерлеринен жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги