Айырым исбилерменлерге салық ҳәкимшилигинде жеңилликлер бериледи

Усы жыл 18-апрель күни қабыл етилген Президенттиң ПП-67-санлы пәрманы менен 2025-жыл 1-октябрьден Өзбекстан аймағына алып кирилетуғын ароматизатор ямаса рең бериўши қосымшаларсыз ақ қумшекерге акциз салығы бийкар етиледи.
20 ҳәм оннан аслам жумысшысы бар юридикалық тәреплерге мүлк ҳәм жер салықлары ҳәм ижара төлемлери бойынша есапланған салық суммаларын 2025-жыл 15-июльде ҳәм 1-декабрьде бөлип төлениўине руқсат бериледи.
Сондай-ақ, улыўма аўқатланыў хызметлерин көрсететуғын исбилерменлерге төленген ҚҚСның бир бөлегин қайтарыўда усы жумыстан алынған дәрамат төлемлерди (хызметлерди) реализациялаўдан алынған улыўма дәраматтың кеминде 80 проценти қураўы зәрүр екенлиги белгиленди.
Буннан тысқары, санаат кәрханаларының автоматикалық мониторинг станциясы, шаң-газ тазалаў үскенеси, локал суў тазалаў комплекси ҳәм станционар бақлаў посты менен үскенелеў миннетиниң мүддети төмендегише созылады:
– I категориядағы кәрханалар ушын – 2026-жыл 1-январьға шекем;
– II категориядағы кәрханалар ушын – 2026-жыл 1-июльге шекем.
Қарақалпақстан хабар агентлиги