Өзбекстан парламенти делегациясы ҒМДА ПАның Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған мәжилисине қатнасты

234

2025-жыл 18-апрель күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбоева басшылығындағы парламент делегациясы Санкт-Петербург қаласында ҒМДА ПАның 1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилисине қатнасты.

Илажда ҒМДА қатнасыўшы мәмлекет парламентлери ҳәм халықаралық шөлкемлер де қатнасты.

Салтанатлы мәжилисте  Олий Мажлис Сенатының баслығы Танзила Нарбаева шығып сөйледи.

Өзбекстан парламенти жоқары палатасының басшысы илаж қатнасыўшыларын Уллы Жеңистиң 80 жыллығы менен шын жүректен қутлықлап, бул сәне пүткил адамзат ушын уллы қәдриятлар – тынышлық, ерк-ықрар ҳәм аўызбиршилик нышаны екенин атап өтти.

Уллы Жеңис – фашизмге қарсы ийинлес болып гүрескен барлық халықлардың улыўма жеңиси болып табылады. Урыс жылларында Өзбекстан халқының фронтта да, фронт артында да көрсеткен шексиз ерлиги ҳәм мийнети айрықша атап өтилди.

1941-1945-жыллар даўамында елимизден дерлик 2 миллион адам мобилизацияланғаны, олардың ярымынан көбиси саўашларда қайтыс болғаны, жараланғаны ямаса бийдәрек жоғалғаны атап өтилди. Соның менен бирге, Өзбекстан 1,5 миллионнан зыят эвакуация етилген адамларды – кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм балаларды, соның ишинде 250 мың жетим баланы қабыл еткени, оларға баспана ҳәм ғамқорлық көрсеткени айрықша атап өтилди.

Жеңиске алып барған жол тек қурал менен емес, ал фронт артындағы мийнет, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик сезимлери менен де тәмийинленген. Сол жылларда Өзбекстанға 170 тен зыят завод ҳәм фабрикалар эвакуацияланып, қысқа мүддетте әскерий өнимлер ислеп шығарыўға өткерилген.

Бундай тарийхый сәне халқларымыз арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын буннан былай да беккемлеўге, жас әўладқа тынышлық ҳәм кеңпейиллик сабағы сыпатында хызмет етиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.