Боксшилеримиз ярым финалда беллеседи

346

Алдын хабар бергенимиздей усы күнлери Россияның Хабаровск қаласында спорттың бокс түринен «Константин Коротков» халықаралық түрнири болып  өтпекте.

Бул турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында республикамыз боксшилеринен  Рашида Тагирова ҳәм Айсанем Саруаровалар да табыслы түрде қатнаспақта.

Атап айтқанда, Рашида Тагирова  дәслепки басқышта қытайлы, соңынан россиялы спортшыларды жеңип шығыўға миясар болды ҳәм турнирдиң ярым финал жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.

Енди Рашида ярым финалда қазақстанлы боксши менен финал жолламасы ушын өз-ара гүрес жүргизеди.

Ал, Айсанем Саруарова болса Конго мәмлекетиниң спортшысын жеңип, ярым финалға шығыўға еристи.

Адилбай Оразов,      

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы