Қарыздарлық есабынан банклер балансына алынған мүлклер реализациясы жеделлестириледи

136

«Қарыздарлық есабынан банклер балансына алынған мүлклер реализациясын жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2025-жыл 1-майдан устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған банклерге ҳәм олардың жанындағы инвестиция компанияларына аукционда сатылмастан қарыздарлықларды сөндириў есабынан банк балансына алынған мүлклерди базар баҳасында тиккелей сатыўға, соның ишинде, кредит, бөлип-бөлип төлеў, лизинг шәртнамалары ямаса нызамшылықта қадаған етилмеген басқа келисимлер арқалы сатыўға руқсат етиледи.

Коммерциялық банклерге қарызларлықларды сөндириў есабынан банк балансына қабыл етилген имарат-объектлер, технологиялық үскенелер ҳәм басқа да мүлклер тийкарында коммерциялық банклер жанындағы инвестициялық компаниялар арқалы тоқтап қалған өндирис (хызмет көрсетиў) жумысын тиклеп, оларды бизнес сыпатында потенциаллы инвесторларға сатыў ҳуқықы бериледи.

2025-жыл 1-сентябрьден шағым арзасы бойынша жумысты әпиўайыластырылған жумыс алып барыў тәртибинде көрип шығыў ушын шағымның максимал баҳасы юридикалық тәреплерге салыстырмалы БЕМниң 150 есесине шекем, жеке тәртиптеги исбилерменлерге 100 есесине шекем, физикалық тәреплерге 50 есесине шекем арттырылады.

ӨзА