«Ағла мийирбийке-2025» таңлаўының жеңимпазлары белгили болды

238

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрдеги ПҚ-158-санлы Пәрманы менен тастыйықланған «Өзбекстан-2030» стратегиясында белгиленген баслы ўазыйпалардың әҳмийетин  мийирбийкелер арасында кеңнен ен жайдырыў, халық арасында ҳүрметке ылайық ҳәм өз кәсибине пидайы болған мийирбийкелерди қоллап-қуўатлаў, медицина хызметкерлериниң билимин арттырыў ҳәм олардың арасында бәсекини тәмийинлеўди шөлкемлестириў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы бойынша «Ағла мийирбийке-2025» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

Таңлаўға Нөкис қаласы ҳәм районлық медицина бирлеспелеринен 12 мийирбийке қатнасып, белгиленген шәртлер тийкарында өзлериниң билим ҳәм тәжирийбелерин сынақтан өткерди. Өткерилген таңлаў жуўмағында Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспесиниң мийирбийкеси  Мафтуна Марксова биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Шымбай  районлық медицина бирлеспесиниң мийирбийкеси Меҳрибан Өтебаева ҳәм Республикалық көп тармақлы медицина орайының мийирбийкеси Юлдуз Жолдасбаеваларға несип етти.

Таңлаў жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, таңлаўдың барлық қатнасыўшыларына Өзбекстан Мийрибийкелер ассоциацияси Қарақалпақстан бөлими тәрепинен де естелик саўғалар тапсырылды.

Таңлаў жеңимпазы «Олий ҳамшира-2025» таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.

-Таңлаўда жеңимпаз болғанымнан оғада қуўанышлыман. Несип етсе, таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышында да жеңимпаз болыўға ҳәрекет етемен, -дейди Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспесиниң мийирбийкеси  Мафтуна Марксова.

Илаж концерт бағдарламасы  менен кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы