Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси

Тәжикстан Республикасы Бас министри Коҳир Расулзода басшылығындағы ҳүкимет делегациясы Хорезм ўәлаятына барды.
Хийўа қаласында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Тәжикстан Республикасы Бас министри Коҳир Расулзода басшылығында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте соңғы жылларда Өзбекстан – Тәжикстан бирге ислесиўиниң жаңа басқышқа көтерилгени, мәмлекетлеримиз арасындағы аўқамласлық қатнасықлары әмелий жақтан беккемленип баратырғаны, онда, әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон арасындағы исенимли қатнасықлар ҳәм олардың сиясий ерк-ықрарлары үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте тийкарғы итибар саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт, энергетика, санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиў қатнасықларын және де кеңейтиўге қаратылған перспективалы жойбарлардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға қаратылды.
Атап өтилгениндей, өз-ара товар алмасыў көлеми соңғы бес жылда еке есеге өсти. Биргеликтеги кәрханалардың саны үш жүзден артты. Бул көрсеткиш турақлы түрде өсип бармақта. Соның менен бирге, товар айланысының көрсеткиши мәмлекетлер потенциалына толық сәйкес келмейди ҳәм еле пайдаланылмаған имканиятлар бар.
Буннан тысқары, мәмлекетлер басшылары ҳүкиметлердиң жуўапкершилигине 2030-жылға шекем өз-ара саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасын қойған.
Мәжилисте оның ушын санаат кооперациясын және де тереңлестириў, транспорт ҳәм коммуникация тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, суў ресурслары ҳәм энергетика тараўында өз-ара пайдалы нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириў, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды избе-из даўам еттириў, мәмлекетлеримиз аймақлары арасындағы бирге ислесиўди жедел раўажландырыўға айрықша итибар қаратыў кереклиги билдирилди.
Жуўмағында Өзбекстан Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның он екинши мәжилиси протоколына қол қойылды.
Сондай-ақ, еки мәмлекеттиң Бас министрлери биргеликте Хийўадағы «Ишан қала» естелик комплексине барды. «Ашық аспан астындағы музей» деп аталатуғын бул Орайлық Азияда толық сақланып қалған қала Тәжикстан делегациясында үлкен тәсир қалдырды.
Аҳмаджон Шокиров, Аъло Абдуллаев (сүўрет), ӨзА