Жабық суд мағлыўматларын жәриялағанлар жуўапкершиликке тартылады

Алдынлары тергеў, сорастырыўдағы дәслепки мағлыўматлар прокурордың руқсатысыз жәрияланыўы мүмкин емес еди. Ендигиден былай суд жумысларында ашық-айдынлықты тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Бирақ соның менен биргеликте жабық түрде өткерилген суд мәжилислери мағлыўматларын жәриялағаны ушын жуўапкершилик белгилекбекте.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде екинши оқыўда көрип шығылған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары усы мәселеге қаратылған.
Депутат Даврон Ариповтың атап өтиўинше, шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы исенимли қорғаў, оның абырайы ҳәм қәдирине қол қатылмаслығын тәмийинлеў мақсетинде жабық суд мәжилиси қатнасыўшыларының жеке өмири ҳаққындағы мағлыўматлар жәрияланыўының алдын алыў зәрүрлиги пайда болмақта.

Усы нызам жойбары менен бир қатар нызам ҳүжжетлерине жабық суд мәжилиси мағлыўматларын жәрияламаў бойынша жабық суд мәжилисинде қатнасып атырған шахсларға тийисли ўазыйпа жүклеўди нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Нызам жойбары екинши оқыўға таярлаў процесинде депутатлар ҳәм тараў қәнигелериниң пикир-усыныслары тийкарында талап етилген дәрежеге жеткерилди. Бул нызам жойбары суд процесслеринде шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў, жеке өмири ҳаққындағы мағлыўматлар жәрияланыўының алдын алыўға хызмет етеди.
Қызғын додалаў ҳәм сораў-жуўаплардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.
М.Комилова, ӨзА