Үш айда 15 мыңнан артық өзбекстанлыға ипотека кредитлери ажыратылды

2025-жылдың үш айында ипотека кредитлери ушын 4,4 триллион сум қаратылды. Бул ҳаққында Орайлық банк хабар берди.
Оған бола, ажыратылған қаржылардың 3 триллион сумы Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм 1,1 миллиард сумы коммерциялық банклер тәрепинен усынылған. Буннан тысқары, Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы тәрепинен де 310 миллиард сумнан артық қаржы қаратылған.
Усы жылдың үш айы даўамында Өзбекстанның 15 033 пуқарасы ипотека кредитлерин алған болып, олардың 63 проценти ер адамларға берилди. 75 процент жағдайда кредит алыўшылар қаржыны жаңа қурылған турақ жайлар ушын алған.
Ажыратылған кредитлердиң 75 проценти басланғыш турақ жай базарына, қалған 25 проценти болса екилемши базардағы турақ жайларды сатып алыў ушын жумсалған. Ең көп ипотека кредити Ташкент қаласында ажыратылған болып, 1 триллион 467,8 миллиард сумды қурады. Кейинги орынларды 226,9 миллиард сум менен Ташкент ўәлаяты ҳәм 280,1 миллиард сум менен Хорезм ўәлаяты ийеледи.
«Жаңа тәртип» шеңберинде ажыратылып атырған кредитлердиң процентлик ставкасы 17,3 процентти қурайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги