Вашингтонда жаңа келисимлерге қол қойылды

169

Усы күнлерде Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов басшылығындағы делегация АҚШта болып тур.

Ўәкиллеримиз сапар етиў даўамында таў-кән санааты, мийманхана бизнеси, азық-аўқат санааты сыяқлы әҳмийетли тараўларда жумыс алып баратуғын ири компания, корпорация, санаат бирлеспелериниң басшылары менен ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткермекте.

Кәрханаларға нәтийжели инвестициялық усыныслар, Өзбекстанда бизнес алып барыў ушын жаратылған шараят ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилмекте. Олар елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа бермекте. Соның менен бирге, елимизде көп жыллық тәжирийбеге ийе Америка компанияларының нәтийжели жумысынан келип шығып, бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенлигин билдирмекте.

Ҳәзирге шекем тәреплер пайдалы қазылмалар тараўында бирге ислесиў бойынша келисимге қол қойды. Сондай-ақ, пайдалы қазылма кәнлерин излеў ҳәм қазып алыўға инвестиция киргизиў, жоқары дәрежеде майдалаў комплекслерин қурыў, инновациялық технологияларды тартыў, әҳмийетли шийки зат ушын қосымша қун жаратыў, өзбекстанлы қәнигелердиң маманлығын арттырыў режеси дүзип алынды. Туризм тараўында жаңа жойбарлар алға қойылып, мийманханаларды қурыў мүддетлери белгиленди.

Ерисилген келисимлер тийисли ҳүжжетлер менен беккемленди. Ҳәр бир баслама ушын жуўапкер менеджер тайынланды.

Г.Сатторова, ӨзА