Сырт елли туристлердиң санын арттырыў мәселеси көрип шығылып, «ВВС», «Euronews» сыяқлы абырайлы платформаларда, және 20 дан аслам халықаралық көргизбелерде туризм кеңнен үгит-нәсиятланып атырғаны атап өтилди.
247

Бул бағдарда елшилеримиздиң қатнасыўында басқа мәмлекетлерде де үгит-нәсият жумысларын жеделлестириў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Мәселен, Қытайдың ең узақ провинциялары, Гонконгтан да туристлер келе баслады. Ямаса Польшаға авиақатнаўлар жолға қойылғаны ушын бул мәмлекеттен туристлер 7 есеге артты, пүткил Шығыс Европадан турист алып келиў имканияты пайда болды.
Францияға сапарында 14 жаңа заманагөй «Airbus» самолётын сатып алыў, және 5 данасын ижараға алыўға келисилди, «Boeing» компаниясы менен 12 самолёт алып келиў бойынша сөйлесиў басланды.
Жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға бул имканияттан өнимли пайдаланып, қай жерге неше рейс қойыў ҳәм қанша турист алып келиўди ҳәзирден есап-санақ етиў тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги