Онлайн алдаўшылар Telegram мессенджери арқалы пайдаланыўшыларды алдаў мақсетинде «Toyga taklifnoma, iltimos uydagilarga ham tashlang, ochilmasa boshqa telefonda oching» мазмунындағы хабарға қурылмаға зыян жеткеретуғын бириктирилген APK файлды жибермекте

188

Бириктирилген файлды жүклеп алған ўақытта қурылмаңыз қәўип астында қалыўы мүмкин. Алдаўшылар пайдаланыўшының атынан спам хабарлар тарқатыў, басқа да алдаўшылық схемаларында пайдаланыў, сондай-ақ, жеке мағлыўматларды урлаўы мүмкин.

Алдаўшыларға алданып қалмаў ушын сергекликти арттырың ҳәм таныс емес аккаунтлардан келген файлларды жүклеп алмаң!

Қарақалпақстан хабар агентлиги