Бирге ислесиў бойынша пайдалы сөйлесиўлер алып барылмақта

187

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов ҳәзирги ўақытта Корея Республикасында болып турыпты. Бул мәмлекетке сапары даўамында М.Атамуратов дәслеп Bumhan Unisollutions компаниясы ўәкиллери менен сөйлесиўлер алып барып, қайта тиклениўши энергиядан нәтийжели пайдаланыў, жаңа технологияларды ен жайдырыў, IT тараўын раўажландырыў ҳәм жумыссыз пуқараларды кәсипке бағдарлаў бойынша пикир алысты.

Сондай-ақ, еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў арқалы жаңа жойбарлар үстинде бирге ислесиў, тығыз бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

Буннан соң Sungshin ҳаяллар университети ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди. Сөйлесиўлерде Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўлерди, атап айтқанда, Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен корейс тилин үйрениў бойынша жумысларды жолға қойыў мәселелери туўралы сөйлесиўлер алып барылды.

Сондай-ақ, студентлердиң өз-ара тәжирийбе алмасыўы ушын шараят жаратыў мақсетинде Қарақалпақстанда жазғы лагерьлер шөлкемлестириў ҳәм Корея мәмлекетинен студентлер ҳәм профессор-оқытыўшыларды тартыў, бул арқалы регион туризминиң раўажланыўына да үлес қосыў бойынша пикир алысты.

Ушырасыў даўамында оқыў орны менен бирге корейс тилин үйрениўди ен жайдырыў бағдарында арнаўлы китапханаға ийе орай шөлкемлестириў, усы тийкарда тил үйрениў курсларын табыслы тамамлап шыққан студентлердиң Корея мәмлекетиндеги жоқары оқыў орынларында билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыўы ушын шараят жаратыў бағдарындағы илажлар келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги