Жаңа тәртип-қағыйдалар бойынша мағлыўматлар берилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26- августтағы “Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманында белгилеп қойылғанындай, пуқаралық жәмийети ўәкиллериниң ҳәр жылы мәмлекетлик гранты ҳәм мәмлекетлик социаллық буйыртпалар таңлаўларында қатнасыўында жәриялылықты тәмийинлеў ўазыйпасы белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен бирден-бир онлайн платформа ислеп шығылған еди. Бул платформада мәмлекетлик грантлар ҳәм мәмлекетлик социаллық буйыртпаларды тапсырыў ҳәм оларды көрип шығыў тәртиби тастыйықланды.
Нөкис қаласындағы «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер үйи» мәжилислер залында «Мәмлекетлик грант, мәмлекетлик социаллық буйыртпалар таңлаўында онлайн платформа арқалы арза тапсырыў» атамасында оқыў-семинары болып өтти.
Бул оқыў-семинары Өзбекстан мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Оқыў-семинарына пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
-Семинардан гөзленген мақсет, пуқаралық жәмийетлериниң бирден-бир онлайн платформасы арқалы ҳүжжетлерин тапсырыў шәртлери, ҳүжжетлерди қалайынша жүклеп алыў ҳәм жибериў қағыйдасын түсиндириўден ибарат,-дейди Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси Расул Қудияров.
Семинарда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Парахат Турдымуратов тәрепинен мәмлекетлик грант, мәмлекетлик социаллық буйыртпалар таңлаўында онлайн платформа арқалы арза тапсырыў тәртиплери бойынша қатнасыўшыларға кең түрде түсиниклер берилди.




Сондай-ақ, семинар даўамында 2025-жылы әмелге асырылыўы күтилип атырған жойбарлар туўралы мағлыўматлар да берилди. Оқыў-семинары өз-ара пикирлесиўлер менен қызғын даўам етип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы