Зорлыққа қарсы гүресиў бойынша дөгерек сәўбети өткерилди

300

Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен ҳаял-қызларға зорлық ҳәм ҳәр қыйлы басым өткериўлерге қарсы гүресиў бойынша республикамыздағы жоқары оқыў орынларында илажлар алып барылмақта.

Усындай илажлардың бири Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында болып өтти. Дөгерек сәўбетинде «Адолат» СПД Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары Ш.Торешова, институт психологи Г.Жумамуратова ҳәм инспектор Т.Қыясбаевлар қатнасып, олар өз сөзлеринде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў бойынша мәмлекетимизде бир неше ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилгенин ҳәм бул бойынша нызам шеңберинде жумыслар алып барылып атырғанлығын атап өтти. Деген менен, жәмийетимизде ҳаял-қызларға зорлық ҳәм ҳәр қыйлы басым болатуғын жағдайлар ушырасып атырғанлығы, бундай нызамсыз ислерге қарсы гүресиў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз екенлиги сөз етилди.

Илажда студетлер тәрепинен қәнигелерге сораўлар берилип, тийисли жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги