Тәжирийбе алмасыў нәтийжели өтти

268

Шоманай районында Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген жаңа система тийкарында “Халықтың қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринен нәтийжели пайдаланыў арқалы дәраматларын арттырыў илажлары” атамасында көргизбели семинар өткерилди.

Илажға “Өзбекстан миллий электр тармақлары” АЖ басқарма баслығы Д.Исақулов, Шоманай районы ҳәкими А.Аметов, ҳәким орынбасарлары, мәкеме ҳәм кәрхана баслықлары, тийисли қәнигелер ҳәм райондағы исбилерменлер қатнасты.

Дәслеп, мийманлар  район ҳәкимлиги имаратының алдында шөлкемлестирилген исбилерменлер тәрепинен таярланған көргизбелерди көзден өткерди. Сондай-ақ, аўыл хожалығында хызмет көрсетиў ушын лизингке алынған тракторлар ҳәм жеңиллетилген кредитлер тийкарында алынған мультикултиваторлар исбилерменлерге тапсырылды.

Буннан соң, семинар қатнасыўшылары шаңарақлық исбилерменлигин жолға қойған М.Режепованың гөззаллық салонына барып, бүгинги күндеги жумыс процеси менен танысты. Исбилермен 6 қызды жумыс пенен бәнт етип, халыққа сапалы хызмет көрсетпекте.

Семинар даўамында кейинги мәнзил Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы исбилермен Р.Алланиязовтың аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў арқалы шарўа маллары ушын от-жем өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрхана болып,  исбилерменниң бүгинги күндеги жумыслары менен танысты.

Соң қатнасыўшылар Наўрыз мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Дәрбент” көшесиндеги бир неше шаңарақлардың үй алды қыйтақ жерине қурылған ыссыханалары ҳәм ықшам парниклерде нәл ҳәм палыз егинлерин егиўди әлле қашан баслап жиберген көше турғынларының бәҳәрги егис жумыслары менен танысты. Сондай-ақ, семинар қатнасыўшылары усы көшеде замаррық егиўди жолға қойып, шаңарағына қосымша дәрамат киргизип атырған А.Бекимбетов пенен сәўбетлесип, өз-ара пикир алысты.

Кейинги мәнзил Мамый аўыл пуқаралар жыйыны болды. Бул жерде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде “Жаслар бағы” шөлкемлестирилди. Район ҳәкими ҳәм семинар қатнасыўшылары жаслар менен биригип, бағ ишинде саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егип, қоршаған орталықтың көклемзарластырылыўына өз үлеслерин қосты.

Семинар соңында Бегжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Ран Омад” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 2 гектар майданда шөлкемлестирилген ыссыханадағы жумыслар барып көрилди.

Семинар даўамында қатнасыўшылар қыйтақ жер мәдениятын кеңейтиў арқалы жаңа технологиялар жәрдеминде егинлерди егиў ҳәм олардан дәрамат алыў бойынша көплеген билим ҳәм тәжирийбеге ийе болып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги