Инвестициялық тартымлылықты арттырыў – әҳмийетли ўазыйпа

300

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы Даврон Ваҳобов Президенттиң  экономикалық раўажланыў, нәтийжели  басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Сума Чакрабарти менен ушырасыў өткерди.

Илажда Чакрабарти хызмети халықаралық экспертлери Жонатан Чарльз ҳәм Мари-Энн Бикрен де қатнасты.

Тәреплер елимизге инвестиция тартыў, жергиликли ҳәм сырт ел инвесторлары ушын  қолайлы бизнес орталығын жаратыў мәселелерин додалады. Жаңа бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў, халықаралық қаржы институтлары  менен шерикликти беккемлеў, мәмлекетимиздиң инвестициялық  тартымлылығын арттырыўға қаратылған анық стратегия ислеп шығыў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратылды.

Өнимлеримизди жаңа базарларға шығарыў, кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, логистика  инфраструктурасын жетилистириў ҳәм экспорт процесин әпиўайыластырыў механизмин жетилистириў темасы  да көтерилди.

Ушырасыўда Ташкент халықаралық коммерция суды (ТХКС) жумысына да айрықша  итибар қаратылды. Бул структура сырт ел компаниялары менен коммерциялық келиспеўшиликлерди шешиў, халықаралық шәртнамалар ҳәм конвенцияларды әмелиятқа енгизиў  мақсетинде шөлкемлестирилген.

Сөйлесиў жуўмағында инвестиция тартыў, экспорт көлемин арттырыў ҳәм ТХКС жумысын раўажландырыў ушын бирге ислесиўди беккемлеў бойынша келисимге ерисилди.

М.Пирматова, ӨзА