Өзбекстан Президенти Евроаўқам менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавккат Мирзиёев 18-март күни елимизде әмелий сапар менен болып турған Европа Аўқамының Халықаралық бирге ислесиў бойынша комиссары Йозеф Сикела басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
Өзбекстан менен Европа аўқамы арасындағы көп тәреплеме қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.
Сөйлесиў басында Европа Аўқамының жоқары дәрежели ўәкили мәмлекетимиз басшысына Европа комиссиясы президенти Урсула фон дер Ляйен ҳәм Европа кеңеси баслығы Антониу Коштаның сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Кейинги жылларда еки тәреплеме бирге ислесиў, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Оны басқышпа-башқыш кеңейтиў ушын үлкен имканият ҳәм поетнциал бар екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм ЕА арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы жаңа келисимге тез ўақытта қол қойылыўы да буған хызмет етеди.

Транспорт ҳәм логистика, энергетика, санластырыў, аўыл ҳәм суў хожалығы, басқа да әҳмийетли бағдарларда бирликтеги жойбарлар ҳәм бағдарламаларды алға қойыўдан еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.
Оғада әҳмийетли минерал ресурсларды қайта ислеў тараўында өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыўда усы жыл апрель айының басында Самарқанд қаласында «Орайлық Азия – ЕА» биринши саммити ҳәм Климат форумын шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселеси көрип шығылды.
Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.
ӨзА