Европадағы сиясий-аналитикалық журнал Өзбекстан Президентиниң Францияға сапарын сәўлелендирди

449

Пүткил дүнья, соның ишинде Европа регионындағы әҳмийетли ўақыя-ҳәдийселерди толық шолып баратуғын белгили басылым – «European Politics Review» журналы мәмлекетимиз басшысының Францияға мәмлекетлик сапары ҳаққында арнаўлы мақала жәриялады.

Материалда Шавкат Мирзиёев ҳәм Эммануэль Макрон Елисей сарайында сөйлесиў өткергени, мәмлекет басшылары тар шеңберде ҳәм делегациялар қатнасыўында көп тәреплемели өз-ара байланысларды және де раўажландырыў мәселелерин толық додалағанына итибар қаратылған:

– Өткен жылы еки мәмлекеттиң саўда айланысы биринши мәрте 1 миллиард евродан асты, биргеликтеги кәрханалардың саны төрт есеге көбейди. Orano, EDF, Total, SUEZ, Voltalia, Veolia сыяқлы ири компаниялар Өзбекстанда табыслы жумыс алып бармақта. Франция раўажланыў агентлиги менен бирге ислесиў жедел басқышқа кирген, жаңа бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилген.

Автор Францияның ҳәр қыйлы қалаларында өткерилип атырған биргеликтеги илажлар, сондай-ақ, бул сапар алдында шөлкемлестирилген медициналық форум, илим ҳәм билимлендириў бойынша конференция, Өзбекстанның туризм имканияты ҳәм мәденияты презентациясына айрықша итибар қаратқан.

Регионлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде келеси жылы Самарқандта Өзбекстан ҳәм Франция регионлар форумын өткериў бойынша келисимге ерисилгени ҳәм Президентлер атап өткен басқа да әҳмийетли мәселелер додаланған.

«European Politics Review» басылымы мыңлаған дереклерден алынған жаңалықларды бериў ушын алдыңғы интеллектуаллық системалардан пайдаланатуғынын атап өтиў керек. Глобал тармақ қурамындағы редакция дүнья мәлимлеме мәканынан мүнәсип орын ийелеген.

Беҳруз Худойбердиев,

ӨзАның хабаршысы