Қытай компаниясы Өзбекстанда билимлендириў ҳәм кәсипке таярлаў оқыў орайын ашады

354

Өзбекстан Бас консулханасының жәрдеминде Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Миграция агентлиги ҳәм Қытайдың «JC Finance Interconnect Holdings» компаниясының баслығы У.Тинйи арасында онлайн ушырасыў шөлкемлестирилди.

«Дүнья» МА берген мағлыўматқа бола, сөйлесиўлер даўамында Өзбекстанда «жасыл» энергетика, аўыл хожалығы, МКТ, туризм сыяқлы тараў қәнигелери ушын алдыңғы халықаралық стандартлар тийкарында қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў бағдарламаларын ислеп шығыў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, тәреплер Өзбекстан студентлери ушын Қытайдың жетекши жоқары оқыў орынларында грантлар ажыратыў ҳәм талабанларды таңлаў ҳаққында пикир алысты.

Ушырасыў соңында «JC Finance Interconnect Holdings» компаниясы ўәкиллериниң Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириўге келисип алынды. Сапар даўамында Өзбекстан пуқараларын билимлендириў ҳәм кәсиплик жумысқа таярлаў бойынша хызметлер көрсетиў орайын ашыў бойынша тийисли министрлик ҳәм уйымларда ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги